🔖Қарақалпақстан Республикасында өзбасымшалық пенен ийеленген жер участкаларына ҳəм онда қурылған имаратларға ҳуқықларды тǝн алыў басланды
❗️Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасына тийкар «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм де оларда қурылған имаратлар ҳәм қурылмаларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген еди.
Нызам менен пуқаралар ҳəм исбилерменлердиң мүлкке болған ҳуқықлары тəн алынады, пуқаралар арасындағы мүлкшилик, сондай-ақ, мийраслар менен байланыслы даўларға шешим табылады. Буннан тысқары, халықтың социаллық мəселелери (турақлы дизимге қойыў, материаллық жəрдем алыў, мектеп, бақшаға жайластырыў) ҳəм де имарат ҳəм объектлерди коммунал тармақларға жалғаў бойынша мəселелери шешиледи.
Нызам талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде елимиздиң барлық аймақларында Мәмлекетлик кадастрлар палатасының қәнигелери тәрепинен мәҳәллелерде хатлаў жумыслары алып барылмақта. Хатлаў нәтийжелерине муўапық ҳәр бир объект ҳаққында мағлыўматлар ҳәм комиссия жуўмақлары etirof.kadastr.uz системасына киргизилип барылмақта.
2025-жыл 18-апрель күнги мағлыўматқа бола, Қарақалпақстан Республикасында 80 мәҳелледе 19 349 турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлер хатлаўдан өткерилип, 7 854 объект автоматластырылған мәлимлеме системасына киргизилди. Соннан, 5375 объект комиссияда ҳәм 2479 объект жәмийетшиликке жәрияланған.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессия қарары менен Шымбай, Кегейли, Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районларындағы 24 турақ жай ийелериниң өзбасымшалық пенен ҳәм артықша ийелеген жерлерине, оларда қурылған турақ жайларына ижара ҳәм мүлк ҳуқықлары тән алынды.
Нызам орынланыўы Қарақалпақстан Республикасы Əдиллик министрлиги тǝрепинен турақлы қадағалаўға алынған болып, республиканың барлық аймақларында реже-график тийкарында ҳуқықларды тəн алыў жумыслары даўам еттириледи.
◼️◼️◼️◼️◼️◼️
🔖Қорақалпоғистон Республикасида ўзбошимчалик билан эгалланган ер участкаларига ва унда қурилган иморатларга ҳуқуқларни эътироф этиш бошланди
❗️Ҳурматли Президентимизнинг топшириғига асосан «Ўзбошимчалик билан эгаллаб олинган ер участкаларига ҳамда уларда қурилган бинолар ва иншоотларга бўлган ҳуқуқларни эътироф этиш тўғрисида»ги Қонун қабул қилинган эди.
Қонун билан фуқаролар ва тадбиркорларнинг мулкка бўлган ҳуқуқлари тартибга солинади, фуқаролар ўртасидаги мулкчилик, шунингдек, мерослар билан боғлиқ низоларга ечим топилади. Бундан ташқари, аҳолининг ижтимоий масалалари (доимий рўйхатга қўйиш, моддий ёрдам олиш, мактаб, боғчага жойлаштириш) ҳамда бино ва объектларни коммунал тармоқларга улаш бўйича масалалари ҳал этилади.
Қонун талабларининг бажарилишини таъминлаш мақсадида юртимизнинг барча ҳудудларида Давлат кадастрлари палатаси мутахассислари томонидан маҳаллаларда хатлов ишлари олиб борилмоқда. Хатлов натижаларига кўра ҳар бир объект ҳақида маълумотлар ва комиссия хулосалари etirof.kadastr.uz тизимига киритилиб борилмоқда.
2025 йил 18 апрель кунги маълумотга кўра, Қорақалпоғистон Республикасида 80 маҳаллада 19 349 та турар жой ва нотурар жой объектлари хатловдан ўтказилиб, 7 854 та объект автоматлаштирилган ахборот тизимига киритилди. Шундан, 5375 объект комиссияда ва 2479 та объект жамоатчиликка эълон қилинган.
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг сессия қарори билан Чимбой, Кегейли, Тахтакўпир, Қораўзак ва Амударё туманларидаги 24 та уй-жой эгаларининг ўзбошимчалик билан ва ортиқча эгаллаган ерларига, уларда қурилган турар жойларига ижара ва мулк ҳуқуқлари эътироф этилди.
Қонун ижроси Қорақалпоғистон Республикаси Адлия вазирлиги томонидан доимий назоратга олинган бўлиб, республиканинг барча ҳудудларида режа-график асосида ҳуқуқларни эътироф этиш ишлари давом эттирилади.
📱
T/m 📱
F/b 📱
I/m 📱
T/m 📱
Y/T