"Үйге тапсырма"
Қызымның муғаллими "Қалаңызда экологияны жақсартыўда ҳәм абаданласыўында әмелге асырылған қандай жумысларды билесиз?" деген шығармашылық жумыс жазып келиўге үйге тапсырма берипти.
Тәбийий жағдай қызым меннен жәрдем сорады.
Рәсмий каналларды биримлеп ашып көрсете отырып,
бул санлар, мағлыўматлар менен жақсы таныс болсамда жүз еситкеннен бир көрген абзал дегениндей, Nukus.uz рәсмий сайтына жайластырылған фото, видео мағлыўматлар менен
биримлеп таныстырдым.
Мәселен мынаў Тахтакөпир жолы атаңның үйбетине баратуғын үлкен көше бойы. Мына көше болса ҳәр жазда
шомылыўға баратуғын жолыңда болып атырған Нөкис қаласының абаданласыў ҳәм
Жасыл мәкан акциясы шеңбериндеги жумыслар қызым. -Апа, мынаў қандай үй? "Модный" екен а?
-Қызым, бул "Өрнек" мәҳәллесиниң жаңа имараты, Өрнекти жақсы билесең ол жерде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети бар. Саған көрсеттим есиңде ме? Үлкен имарат ядыңда ма?
-Студентлер оқыйтуғын ба?
-Дәл солай.
-Мынаў ше?
-
Бул болса аўыр жағдайда жасап атырған хожалықларға салынып атырған жай. -Зор! Ишиде таза, аппақ екен а?
Бул үйлерди кимлер жасайды? Үлкен мурынлы эксковатор салды ма? Бизлерге де салып бере ме? Мен усындай үйде жасағым келеди, кең ҳәўлисинде топ пенен ойнайман, досларымды шақыраман дейди мени балаларша сораўларға көмип.
Биз көп қабатлы турақ-жайда жасаймыз. Сол ушында ҳәўлили жер жай мениң қызым ушын ҳәўес. Әсиресе,
бағлы,ыссыханалы үйлерди көрсе қызықсынып қарайды.
-Бул үйди Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы қарары тийкарында "Өрнек" МПЖ жасаўшы Жүзимгүл Рустемоваға мәмлекетимиз тәрепинен жаңадан турақ жай салып берилди.
Себеби, бул шаңарақ жүдә қыйналып қалған, аўыр аўҳалда жасайтуғын еди қызым.
-Апа, Президент олардың үйин қайдан биледи? Ямаса спутниктен, ушатуғын тарелкадан көре ме?
-Жоқ қызым, мәҳәлле деген система бар. Онда 7 адам жумыс ислейди. Сениң мектебиңде муғаллимиң журналға қарап барлаў өткергенге уқсас жумыс болады. Ким қандай турмыс кеширеди бәршеси сондай "журналға" жазылып барылады. Соң мәмлекет оларға жәрдем бериў илажларын көреди.
Қызым бул ўақыяларды еситип отырып, ертек еситкендей мени тыңлады.
Ҳақыйқатында да биз ертеклер әлемине түсип қалғандай болдық.
Мәмлекеттиң пуқараларға ислеп атырған жақсылығы тек ғана тарийхый бурылыс емес, Инсан қәдири китабының жаңа бети ашылыўы болып табылады.
Тарийх жалғанды, өтирикти көтермейди. Бәри бир күнлери қалқып шығады.
Биз излендик, сөзимизди дәлийлеў ушын лекин жақын
20 жыл ишинде қарақалпақстанлы аўыр турмыста жасап атырғанлар айрым пуқаралар ушын буныңдай ийгиликли ислердиң мағлыўматын, видео-сүўрет варинатларын таба алмадық.
Халқымыз ой, ақыл тәрезине салып мәмлекетимиз сиясатындағы "Инсан қәдири ушын" бағларламасы әҳмийетин кеңнен түсинеди деген үмиттемиз. Аўызбиршилик ҳәм татыўлық, дослық пенен раўажланған,абат мәнзиллерге избе-изликте жетип, жетисип киятырмыз. Халық разылығы ушын деген сөзлер тек ғана телевизорда емес, яки қурғақ, бәлент ўәделер емес ҳақыйқый бахтияр турмыс көриниси болып елимизге кирип келмекте. Бүгин жасларды кешеги күнимиз бенен салыстырмалы түрде ўатан сүйиўшиликке, мәмлекеттимиздеги сиясатты дурыс көзде үйрете билсек, еле көп нәтийжелерге биргеликте жетемиз.
Сондай-ақ, қала ҳәкимлиги тәрепинен Ж.Рустемованың бәнтлигин тәмийнлеўде субсидия тийкарында әсбап-үскенелер алып берилди.
Сизге сораў, биз үйге тапсырманы қаншелли дурыс ашып бере алдық деп ойлайсыз?
https://t.me/nukuspress