У вас закончился пробный период!
Для полного доступа к функционалу, пожалуйста, оплатите премиум подписку
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
https://t.me/huqiqiymalimleme
Возраст канала
Создан
Язык
Казахский
0.22%
Вовлеченность по реакциям средняя за неделю
5.78%
Вовлеченность по просмотрам средняя за неделю

Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал.

▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin

▪️|Рус тилинде— @pravoinf

Сообщения Статистика
Репосты и цитирования
Сети публикаций
Сателлиты
Контакты
История
Топ категорий
Здесь будут отображены главные категории публикаций.
Топ упоминаний
Здесь будут отображены наиболее частые упоминания людей, организаций и мест.
Найдено 456 результатов
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
679
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Нызамлардың социаллық қатнасықларды тәртипке салыўдағы роли еле де беккемленеди

Нызам (ӨРН-1054-санлы, 10.04.2025 ж.) менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

🔰Оған көре, "Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Регламенти ҳаққында"ғы ҳәм де "Нызамлар жойбарларын таярлаў ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиў тәртиби ҳаққында"ғы нызамларға нызам жойбарын парламентке киргизиўде нызам жойбарының ҳәм халықаралық шәртнама жойбарының (текстиниң) өткерилген ҳуқықый экспертизасы нәтийжелерин нәзерде тутыўшы қосымшалар киргизилмекте.

✔️Сондай-ақ, нызам жойбарының коррупцияға қарсы экспертизасы ҳәм ол бойынша өткерилген жәмийетлик додалаў нәтийжелерин усыныў ҳаққындағы талап белгиленбекте.

📝Буннан тысқары, нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектине өзи киргизген нызам жойбары екинши оқыўда қабыл етилгенге шекем Олий Мажлис Нызамшылық палатасына усыныс киргизиў арқалы оны шақырып алыў ҳуқықын бериўдиң ҳуқықый тийкары белгиленбекте.

📌 Киргизилип атырған қосымшаларға көре, нызам күшке кирген күннен баслап 5 жыл өткеннен соң, жуўапкер мәмлекетлик уйымлардың ҳәм Олий Мажлис палаталары комитетлериниң басламасы менен нызамның нәтийжелилигин, онда белгиленген мақсетке ҳәм күтилип атырған нәтийжелерге ерисилгенлигин анықлаў ушын нызамның тәртипке салыў тәсири баҳалаўынан өткерилиўи мүмкин.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
24.04.2025, 14:31
t.me/huqiqiymalimleme/9508
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
655
#2025_жыл_1_майдан

⚠️️Нызамшылыққа көре, өз жумысын ЖТИ, микрофирма яки киши кәрхана категориясына шекем кеңейттирген өзин-өзи бәнт еткен шахслар ҳәм исбилерменлерге төмендеги муғдарларда гиреўсиз кредитлер бериледи:

➖Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде - 50 миллион сўмға шекем,

➖Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў комплекс бағдарламасы шеңберинде - 150 миллион сўмға шекем.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
24.04.2025, 14:16
t.me/huqiqiymalimleme/9507
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
596
#2025_жыл_1_майдан

⚠️️Нызамшылыққа көре, өзин-өзи бәнт еткен шахслар жеке тәртиптеги исбилермен ямаса юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилгенде, мәмлекетлик бажы өндирилмейди.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
24.04.2025, 13:54
t.me/huqiqiymalimleme/9506
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
506
#2025_жыл_1_майдан

🔖Нызамшылыққа көре, төмендегилерди нәзерде тутыўшы "Ҳәмкор тадбиркор" бағдарламасы жолға қойылады:

🔹Өз бизнесин шөлкемлестирмекши болған ҳаял-қызларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў;

🔹кооперация тийкарында ҳаял-қызлардың исбилерменлик жумысын жолға қойыўға жәрдемлесиў;

🔹жергиликли ҳәм халықаралық электрон платформаларда ҳаял-қызларға өз өнимлерин жайластырыў ҳәм сатыўға жәрдемлесиў.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
24.04.2025, 13:44
t.me/huqiqiymalimleme/9505
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
5
568
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға маўасасыз мүнәсибет қәлиплестириледи

"Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң бийғәрезлигин тәмийинлеў ҳәм жумысының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-147-санлы, 21.04.2025 ж.) қабыл етилди.

⚡️️ Қарарға көре, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, устав фондында (устав капиталында) мәмлекет үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған хожалық жәмийетлериндеги коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимшелериниң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:

🔹 коррупция жағдайларын ерте анықлаў ҳәм олардың алдын алыў, оларға имканият беретуғын себеп ҳәм шараятларды сапластырыў;

🔹 мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде коррупциялық факторларды сапластырыў, турмыслық коррупцияның алдын алыў, соның ишинде, санластырыў, бюрократияны қысқартыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

🔹 уйымлық норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди коррупцияға қарсы экспертизадан өткериў ҳәм жуўмақлары бойынша анықланған коррупциялық нормаларды бийкарлаў бойынша усыныс киргизиў.

📜Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери өз жумысында тиккелей шөлкемниң биринши басшысына бойсынады ҳәм оның алдында есап береди.

📋Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлерин шөлкемлестириўдиң минимал критериялары тастыйықланды.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
24.04.2025, 13:43
t.me/huqiqiymalimleme/9504
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
603
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Адам өлимине себеп болатуғын тәризде қала қурылысы ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жынайый жуўапкершилик белгиленди

Дерек: ӨРН-1050-санлы, 25.03.2025-жыл.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
24.04.2025, 11:21
t.me/huqiqiymalimleme/9503
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
581
#Билесизбе

❗️️Мүлк ҳәм жер салығы өз ўақтында төлениўи лазым

Толық инфографикада 👆

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
24.04.2025, 11:01
t.me/huqiqiymalimleme/9502
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
5
629
#Тутыныўшы_ҳуқықлары

🔖️Нызамшылыққа көре, тәрезилер ҳәм басқа да өлшеў үскенелери сатыўшы-хызметкерлердиң жумыс орынларында қарыйдарлар товарды өлшеў ҳәм бериўдиң пүткил процессин көретуғын етип орнатылыўы керек.

⚖️️Сондай-ақ, 3 ҳәм оннан көп жумыс орны бар азық-аўқат дүканларының саўда залларында қадағалаў тәрезилери орнатылыўы лазым. Майданы 1500 кв.м ҳәм оннан артық болған саўда залларында қадағалаў тәрезилери 2 жерде орнатылады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
24.04.2025, 10:51
t.me/huqiqiymalimleme/9501
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
4
690
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Коррупцияға қарсы гүресиў системасы еле де жетилистириледи

"Коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-71-санлы, 21.04.2025 ж.) қабыл етилди.

🔰Пәрманға көре, Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңестиң 2025-жыл 5-мартта өткерилген кеңейтилген мәжилисинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша ислеп шығылатуғын норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими ҳәм әмелий илажлар бағдарламасы тастыйықланды.

🏢Коррупция ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўде парламенттиң ролин түптен арттырыў мақсетинде Олий Мажлис палаталарына төмендегилер усыныс етилди:

🔹ҳәр жылы бюджеттен ең көп қаржы алатуғын үш министрлик ҳәм уйымда коррупциялық факторларды анықлап, оларды сапластырыў бойынша усыныслар киргизиў;

🔹 министр ҳәм ҳәкимлер лаўазымына талабанлар тийислисинше Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары кеңеслеринде көрип шығылып атырғанда олар тәрепинен коррупцияның алдын алыў бойынша анық реже қорғалыўына байланыслы тәртипти нызам ҳүжжетлеринде белгилеў;

🔹 халықаралық тәжирийбени үйренип, кибермәканда коррупцияға қарсы нәтийжели гүресиў бойынша беккем ҳуқықый база жаратыў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

🔹 исши топар дүзип "жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәптелиги"нде ҳәр айдың 1-5 сәнелеринде "қызыл" категориядағы мәҳәллелерде жынаятлардың келип шығыў себеплерин терең таллаў;

🔹аймақлық прокурорлар ҳәм ишки ислер уйымлары баслықларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар бериў ҳәм де халықшыл басламалар тийкарында нызамларды жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
24.04.2025, 10:39
t.me/huqiqiymalimleme/9500
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
5
771
#Билесизбе

🔰Нызамшылықта жасқа байланыслы пенсия ҳәм жасқа байланыслы напақа түсиниклери бар болып, олар бир-биринен түрлише парықланады ҳәм қолланылады.

1️⃣Соған көре:

🔹Жасқа байланыслы пенсия, мәмлекетлик пенсия түрлеринен бири есапланып, оны алыў ҳуқықына ер адамлар - 60 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 25 жыл болған жағдайда, ҳаял-қызлар болса - 55 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 20 жыл болған жағдайда ийе болады.

🔹Жасқа байланыслы напақа, нызамшылықта белгиленген тәртипте тайынланатуғын напақалардан бири есапланып, ол балалықтан майыплығы болған перзенти бар аналарға - 55 жас, ҳаялларға - 60 жас ҳәм ерлерге - 65 жасқа толғанда тайынланады.

📜Нызамда белгиленген шәртлерге ҳәм нормаларға муўапық мәмлекетлик пенсияны тайынлаў ушын зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы шахслар ҳәм балалықтан майыплығы болған перзенти бар аналар жасқа байланыслы напақаны алыў ҳуқықына ийе.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
22.04.2025, 12:33
t.me/huqiqiymalimleme/9499
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
647
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Транспорт қуралларын пиядалар жолларынан жүргизгенлик ушын жуўапкершилик белгиленди

Нызам (ӨРН-1055-санлы, 10.04.2025 ж.) менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди

⚠️️Нызамға муўапық, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске айдаўшылардың транспорт қуралларын тротуарлардан, пиядалар ҳәм велосипед жолларынан ҳәм де оларға тутас аймақларда қурылған жасыл майданлардан жүргизгенлиги, жол ҳәрекети қатнасыўшыларының ҳәрекетине тосқынлық етиўши нызамсыз тосықлар ҳәм басқа қурылмалар орнатылғанлығы, сондай-ақ жөнелисли транспорт қураллары ушын айрықша ажыратылған сызығы бар жолдан транспорт қураллары ҳәрекетленгенлиги менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленетуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

🔰Киритилген қосымшаға көре, жөнелисли транспорт қураллары ушын өз алдына ажыратылған сызығы бар жолдан транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи (рухсат етилген жағдайлар буған кирмейди):

➖БЕМның 1 есеси муғдарында жәрийма салыўға;

🔸тап сондай ҳуқықбузарлықты ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин 1 жыл даўамында қайтадан ислеў:

➖БЕМның 3 есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленди.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
22.04.2025, 12:03
t.me/huqiqiymalimleme/9498
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
487
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Пробацияны әмелге асырыўға көмеклескен шахслар хошаметленеди

Пәрман (ПП-65-санлы, 10.04.2025 ж.) менен Президенттиң айырым ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди

✔️Оған көре, Ишки ислер министрине төмендеги хошаметлеў илажларын қолланыў ҳуқықлары берилди:

🔹пробацияны әмелге асырыўға көмеклескен мәмлекетлик органлар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлерин, сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларын, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқараларды хошаметлеў;

🔹жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде өзиниң мүнәсип үлесин қосқан ишки ислер органлары хызметкерлерин лаўазым айлығының 1 есесине шекемги муғдарда бир мәртелик сыйлық пенен хошаметлеў.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
22.04.2025, 11:41
t.me/huqiqiymalimleme/9497
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
499
#Билесизбе

🪙Нызамшылыққа көре, халықаралық IT-сертификатларға ийе жаслардың оқыў ҳәм усы сертификатларды алыў қәрежетлериниң 60 процентке шекемги бөлеги Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи.

✔️Бунда усы сертификатлар басланғыш дәрежеде болғанда 30 процент, орта дәрежеде болғанда 40 процент ҳәм профессионал дәрежеде болғанда 60 процент муғдарында жумсалған қәрежетлер қапланады.

❇️️Буннан тысқары, инглис тили бойынша B2 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги ҳәм де профессионал дәрежедеги халықаралық IT-сертификатқа ийе болған жаслардың халықаралық IT-сертификатын алыў қәрежетлери қаплап бериледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
22.04.2025, 11:35
t.me/huqiqiymalimleme/9496
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
562
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитет шөлкемлестириледи

Дерек: ПП-52-санлы, 19.03.2025-жыл.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
22.04.2025, 11:06
t.me/huqiqiymalimleme/9495
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
553
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Шығынды полигонлары аймағында экосанаат зоналары шөлкемлестириледи

Дерек: ПП-56-санлы, 24.03.2025-жыл.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
22.04.2025, 10:52
t.me/huqiqiymalimleme/9494
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
5
684
#Әдиллик_хабары

❗️Әдиллик министрлиги ескертеди!

🔰Басқа шахсқа тийисли товар белгиси, ойлап табыў, пайдалы модель, санаат үлгиси ямаса шығармалардан (қосық, музыка, кино, фотография ҳәм басқалар) ийесиниң разылығысыз пайдаланғанлық нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады.

️ 📣 Ҳүрметли пуқаралар ҳәм исбилерменлер!

📌 Интеллектуал мүлкке болған ҳуқықыңыз бузылғанында Әдиллик министрлигиниң "1008" исеним телефоны арқалы хабар бериўиңизди яки info@adliya.uz электрон почта мәнзили арқалы мүрәжат етиўиңизди сораймыз!

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
22.04.2025, 09:37
t.me/huqiqiymalimleme/9493
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
4
686
#Коррупция_қәўипли_иллет

❗️Мәмлекетлик хызметлерди халықтың өзи баҳалаў системасы енгизиледи

◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️

❗️Давлат хизматларини аҳолинин ўзи баҳолайдиган тизими жорий этилади

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
22.04.2025, 09:01
t.me/huqiqiymalimleme/9492
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
4
603
#Коррупция_қәўипли_иллет

❗️Коррупцияға қарсы гүресиў системасы еле де жетилистириледи

◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️

❗️Коррупцияга қарши курашиш тизими янада такомиллаштирилади

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
22.04.2025, 09:01
t.me/huqiqiymalimleme/9491
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
647
⚡️Ҳүрметли электр энергиясы тутыныўшылары!

1. 2025-жыл 22-апрель  күни  09-00 ден 18-00 саатлар аралығында Кегейли 35/10 кВ подстанциясындағы Т-1-35кВ трансформаторы, КРУН И-СШ-10кВ, (Кегейли районы орайы, Нурлы бостан, Абат макан, Жылўан жап МПЖ, Абат АПЖ ҳәм Жаңабазар АПЖ  аймақлары), саат 12-00ден 15-00ге шекем Кегейли 35 кВ ҳаўа линиясы РЛ-35 кВ электр үскенесинде (Кегейли районы аймағында)

2. 2025-жыл 23-апрель күни 09-00ден 18-00 саатлар аралығында Т-2-35кВ трансформаторы, 10 кВ КРУН ИИ-СШ-10кВ (Жылўан жап, Маденият, Нурлы бостан МПЖ ҳәм Ақтуба АПЖ аймақлары) электр үскенелерине гезектеги режели ремонт жумыслары алып барылыўына байланыслы электр энергиясын жеткерип бериўде үзилиске түсетуғынлығын мәлим етип билдиремиз.

◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️
⚡️Ҳурматли электр энергияси истеъмолчилари!

1. 2025 йил 22 апрель куни 09-00 дан 18-00 соатлар оралиғида Кегейли 35/10 кВ подстанциясидаги Т-1-35кВ трансформатори, КРУН И-СШ-10кВ, (Кегейли тумани маркази, Nurlı бўстон, Abad makan, Jılwan jap МПЖ, Абат ва Жанабозор ОФЙ ҳудудлари), соат 12-00 дан 15-00 гача Кегейли 35 кВ ҳаво линияси РЛ-35 кВ электр ускунасида (Кегейли тумани ҳудудида)

2. 2025 йил 23 апрель куни 09-00 дан 18-00 соатлар оралиғида Т-2-35кВ трансформатори, 10 кВ КРУН ИИ-СШ-10кВ (Jılwan jap, Маданият, Нурли бўстон МФЙ ва Ақтуба ОФЙ ҳудудлари) электр ускуналарига навбатдаги режали таъмирлаш ишлари олиб борилиши муносабати билан электр энергиясини етказиб беришда узилишга тушишини маълум қилиб билдирамиз.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
22.04.2025, 08:45
t.me/huqiqiymalimleme/9490
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
4
934
#Коррупция_қәўипли_иллет

💵Коррупция дегенимиз не?

✔️Бул ҳаққында жоқарыда көрсетилген тарқатпа материал арқалы мағлыўмат алыўға болады.

◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️
💵Коррупция дегани нима?

✔️Бу ҳақида юқорида кўрсатилган тарқатма материал орқали маълумот олиш мумкин.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
21.04.2025, 13:41
t.me/huqiqiymalimleme/9489
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
896
#Коррупция_қәўипли_иллет

📑 Пуқаралар норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң коррупцияға қарсы экспертизасын өткериўде қатнасыўы мүмкин

❗️Бул бойынша жоқарыда көрсетилген тарқатпа материал арқалы толық мағлыўматқа ийе боласыз.

◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️

📑 Фуқаролар норматив-ҳуқуқий ҳужжатларнинг коррупцияга қарши экспертизасини ўтказишда иштирок этиши мумкин

️❗️Бу бўйича юқорида кўрсатилган тарқатма материал орқали батафсил маълумотга эга бўласиз.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
21.04.2025, 13:27
t.me/huqiqiymalimleme/9488
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
798
#Коррупция_қәўипли_иллет

💵"Коррупцияға қарсы гүресиў жумысларының нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў системасын енгизиў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары менен байланыслы мағлыўматты жоқарыда көрсетилген тарқатпа материал арқалы билиўге болады.

◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️
💵"Коррупцияга қарши курашиш ишларининг самарадорлигини рейтинг баҳолаш тизимини жорий этиш чора-тадбирлари тўғрисида"ги Президент қарори билан боғлиқ маълумотни юқорида кўрсатилган тарқатма материал орқали билиш мумкин.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
21.04.2025, 13:17
t.me/huqiqiymalimleme/9487
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
4
808
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

✔️Қарарға муўапық, улыўма жер майданы 5 гектардан кем болмаған аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен өзлерине қараслы аўыл хожалығына мөлшерленген жерлердиң атыз шетлеринде ишки хожалық жер дүзиў жойбарына муўапық жәми жер майданының 1 процентине, бирақ 20 сотоктан көп болмаған өлшемде жер участкасынан рухсат етилген пайдаланыўдың тийкарғы түрине сәйкес болған суўытқышлы қоймаханалар, сайлап алыў, кептириў, қайта ислеў, қадақлаў, суўды үнемлеўши технологиялар ҳәм суў сақлаў объектлерин қурыўға рухсат етиледи.

❇️️2025-2026-жылларда мийўе-палыз өнимлерин халық қыйтақ жерлери, дийқан ҳәм фермер хожалықларынан жыйнап, сайлап, заманагөй қадақлап шәртнама тийкарында реализация еткен аўыл хожалығы кооперативлерине қадақ қәрежетлериниң 25 проценти, бирақ ҳәр бир қадақ ушын 3 мың сўмнан көп болмаған муғдарда қаплап бериледи. Бунда:

▪️аўыл хожалығы кооперативлериниң мийўе-палыз өнимлерин жыйнаўшы ҳәм таярлаўшы ағзалары өнимлерди сапалы таярлаў ҳәм экспортқа шығарыў бойынша “Edukarantin.uz” мәлимлеме системасы арқалы оқып, сертификатқа ийе болыўы лазым;

▪️сертификатқа ийе болған аўыл хожалығы кооперативлери ҳәм олардың ағзаларының "Agroko‘makchi" мобиль қосымшасында "жасыл", "сары" ҳәм "қызыл" категориялар бойынша рейтинг системасы жүргизиледи.

🟢 Буннан тысқары, мийўе-палыз өнимлери экспортын нәтийжели шөлкемлестириў, сапалы транспорт-логистика (автомобиль, темир жол ҳәм авиа тасыў) хызметлерин көрсетиўди жолға қойыў мақсетинде "E-logistika" платформасында экспортёр ҳәм тасыўшы кәрханалардың тиккелей ислеў имканияты тәмийинленеди.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
21.04.2025, 08:37
t.me/huqiqiymalimleme/9486
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
668
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️"Автомобиль транспортында жолаўшы тасыў жумысын тәртипке салыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында" Ҳүкимет қарары қабыл етилди

❗️Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў секторы баслығы И.Алдабергенов мағлыўмат берди.

◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️
⚡️"Автомобиль транспортида йўловчи ташиш фаолиятини тартибга солиш бўйича қўшимча чора-тадбирлар тўғрисида" Ҳукумат қарори қабул қилинди

️❗️Бу ҳақида Қорақалпоғистон Республикаси Адлия вазирлигининг Режалаштириш ва назорат-таҳлил шўбаси бошлиғи И.Алдабергенов маълумот берди.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
21.04.2025, 08:29
t.me/huqiqiymalimleme/9485
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
5
631
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Мәмлекетлик уйымлардың инсан ресурсларын басқарыў бойынша жумысы нәтийжели шөлкемлестириледи

"Республика ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инсан ресурсларын басқарыў бойынша жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (212-санлы, 09.04.2025 ж.) қабыл етилди.

🔖Қарарға муўапық 2025-жыл 1-майдан:

🔹республика ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инсан ресурсларын басқарыў бойынша жумысы Мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен баҳалап барылады;

🔹республика ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлериниң басшылары усы қарар талаплары тийкарында Мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен аттестациядан өткериледи.

✔️Қарар менен "Республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлери ҳаққында"ғы Үлги Реже тастыйықланды.

✔️Усы Реже республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлериниң ўазыйпалары ҳәм функциялары, жумысын шөлкемлестириў тәртибин ҳәм де оларға қойылатуғын талапларды белгилейди.

📝Бөлим баслығы лаўазымына, әдетте, жоқары мағлыўматқа ийе болған, кеминде 2 жыл мийнет стажына ийе болған, мийнет ҳаққындағы нызамшылықты өзлестирген, инсан ресурсларын басқарыў ҳәм раўажландырыў сондай-ақ, мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм шахсқа байланыслы мағлыўматлар менен ислесиў бойынша билимлерге ийе болған шахслар тайынланады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
21.04.2025, 08:15
t.me/huqiqiymalimleme/9484
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
6
789
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Әскерий хызметкерлерге турақ жайды ижараға алғанлық ушын төленетуғын компенсация муғдары арттырылды

"Әскерий хызметкерлерди социаллық қорғаўдың күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (214-санлы, 09.04.2025 ж.) қабыл етилди

🔰Қарарға көре, әскерий хызметкерлерге турақ жайды ижараға алғанлық (ижарада турғанлық) ушын төлеп берилетуғын айлық пул компенсациясы муғдары 20 процентке арттырылды. Онда пул компенсациясы муғдарларына төмендегише өзгерис киргизилди:

▪️Ташкент қаласында - БЕМның 4,8 есесине шекем;

▪️Нөкис қаласында ҳәм ўәлаятлар орайларында - БЕМның 3,6 есесине шекем;

▪️республиканың басқа қалалары, районлар орайлары ҳәм елатлы пунктлеринде - БЕМның 2 есесине шекем.

✔️Сондай-ақ, 2025-жыл 1-июннан нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық тастыйықланатуғын ипотека кредитлерин ажыратыў көрсеткишлери тийкарында турақ жай менен тәмийинленетуғын, календарь есабында 10 жылдан артық әскерий хызметти өтеген әскерий хызметкерлерге турақ жай сатып алыў (қурыў) ушын ипотека кредити алыныўында ажыратылатуғын дәслепки төлем муғдары турақ жайдың есапланған баҳасы 35 проценти муғдарында белгиленди.

📌Алдын бул муғдар ҳәмме ушын 25 процентти қураған.

✔️Қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары ҳәм майыплығы болған әскерий хызметкерлерди биринши гезекте турақ жай менен тәмийинлеў, егер олар узақ мүддетли жеңиллетилген ипотека кредити тийкарында турақ жай менен тәмийинленген болса, қайтарылмаған кредит муғдары ҳәм кредит бойынша есапланған процентлер Мәмлекетлик бюджет есабынан толық қаплап бериледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
21.04.2025, 07:55
t.me/huqiqiymalimleme/9483
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
5
764
⚡️2025-2026-жыл жылытыў мәўсими ушын газ ҳәм электр энергиясы ушын бир қатар шаңарақларға бир мәртелик жәрдем ажыратылады

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
19.04.2025, 15:37
t.me/huqiqiymalimleme/9481
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
4
805
⚡️Газ ҳәм электр энергиясы ушын жыл бойы компенсация бериледи

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
19.04.2025, 15:37
t.me/huqiqiymalimleme/9482
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
15
671
🔖Қарақалпақстан Республикасында өзбасымшалық пенен ийеленген жер участкаларына ҳəм онда қурылған имаратларға ҳуқықларды тǝн алыў басланды

❗️Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасына тийкар «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм де оларда қурылған имаратлар ҳәм қурылмаларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген еди.

Нызам менен пуқаралар ҳəм исбилерменлердиң мүлкке болған ҳуқықлары тəн алынады, пуқаралар арасындағы мүлкшилик, сондай-ақ, мийраслар менен байланыслы даўларға шешим табылады. Буннан тысқары, халықтың социаллық мəселелери (турақлы дизимге қойыў, материаллық жəрдем алыў, мектеп, бақшаға жайластырыў) ҳəм де имарат ҳəм объектлерди коммунал тармақларға жалғаў бойынша мəселелери шешиледи.

Нызам талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде елимиздиң барлық аймақларында Мәмлекетлик кадастрлар палатасының қәнигелери тәрепинен мәҳәллелерде хатлаў жумыслары алып барылмақта. Хатлаў нәтийжелерине муўапық ҳәр бир объект ҳаққында мағлыўматлар ҳәм комиссия жуўмақлары etirof.kadastr.uz системасына киргизилип барылмақта.

2025-жыл 18-апрель күнги мағлыўматқа бола, Қарақалпақстан Республикасында 80 мәҳелледе 19 349 турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлер хатлаўдан өткерилип, 7 854 объект автоматластырылған мәлимлеме системасына киргизилди. Соннан, 5375 объект комиссияда ҳәм 2479 объект жәмийетшиликке жәрияланған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессия қарары менен Шымбай, Кегейли, Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районларындағы 24 турақ жай ийелериниң өзбасымшалық пенен ҳәм артықша ийелеген жерлерине, оларда қурылған турақ жайларына ижара ҳәм мүлк ҳуқықлары тән алынды.

Нызам орынланыўы Қарақалпақстан Республикасы Əдиллик министрлиги тǝрепинен турақлы қадағалаўға алынған болып, республиканың барлық аймақларында реже-график тийкарында ҳуқықларды тəн алыў жумыслары даўам еттириледи.

◼️◼️◼️◼️◼️◼️

🔖Қорақалпоғистон Республикасида ўзбошимчалик билан эгалланган ер участкаларига ва унда қурилган иморатларга ҳуқуқларни эътироф этиш бошланди

❗️Ҳурматли Президентимизнинг топшириғига асосан «Ўзбошимчалик билан эгаллаб олинган ер участкаларига ҳамда уларда қурилган бинолар ва иншоотларга бўлган ҳуқуқларни эътироф этиш тўғрисида»ги Қонун қабул қилинган эди.

Қонун билан фуқаролар ва тадбиркорларнинг мулкка бўлган ҳуқуқлари тартибга солинади, фуқаролар ўртасидаги мулкчилик, шунингдек, мерослар билан боғлиқ низоларга ечим топилади. Бундан ташқари, аҳолининг ижтимоий масалалари (доимий рўйхатга қўйиш, моддий ёрдам олиш, мактаб, боғчага жойлаштириш) ҳамда бино ва объектларни коммунал тармоқларга улаш бўйича масалалари ҳал этилади.

Қонун талабларининг бажарилишини таъминлаш мақсадида юртимизнинг барча ҳудудларида Давлат кадастрлари палатаси мутахассислари томонидан маҳаллаларда хатлов ишлари олиб борилмоқда. Хатлов натижаларига кўра ҳар бир объект ҳақида маълумотлар ва комиссия хулосалари etirof.kadastr.uz тизимига киритилиб борилмоқда.

2025 йил 18 апрель кунги маълумотга кўра, Қорақалпоғистон Республикасида 80 маҳаллада 19 349 та турар жой ва нотурар жой объектлари хатловдан ўтказилиб, 7 854 та объект автоматлаштирилган ахборот тизимига киритилди. Шундан, 5375 объект комиссияда ва 2479 та объект жамоатчиликка эълон қилинган.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг сессия қарори билан Чимбой, Кегейли, Тахтакўпир, Қораўзак ва Амударё туманларидаги 24 та уй-жой эгаларининг ўзбошимчалик билан ва ортиқча эгаллаган ерларига, уларда қурилган турар жойларига ижара ва мулк ҳуқуқлари эътироф этилди.

Қонун ижроси Қорақалпоғистон Республикаси Адлия вазирлиги томонидан доимий назоратга олинган бўлиб, республиканинг барча ҳудудларида режа-график асосида ҳуқуқларни эътироф этиш ишлари давом эттирилади.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
18.04.2025, 10:17
t.me/huqiqiymalimleme/9480
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
1.1 k
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️"Кем тәмийинленген шаңарақларға электр ҳәм газ төлемлериниң бир бөлеги компенсация етип бериледи"

❗️Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў секторы баслығы И.Алдабергенов мағлыўмат берди.

◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️

⚡️"Кам таъминланган оилаларга электр ва газ тўловларининг бир қисми компенсация қилиб берилади"

❗️Бу ҳақида Қорақалпоғистон Республикаси Адлия вазирлигининг Режалаштириш ва назорат-таҳлил шўбаси бошлиғи И.Алдабергенов маълумот берди.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
18.04.2025, 07:34
t.me/huqiqiymalimleme/9479
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
967
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Мийуе-палыз өнимлерин реализацияға шығаратуғын айырым исбилерменлерге салық жеңилликлери бериледи

"Аўыл хожалығы өнимлериниң экспорт потенциалын арттырыў ҳәм қайта ислеў шынжырын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-136-санлы, 08.04.2025 ж.) қабыл етилди.

🔰Қарарға көре, 2025-2026-жылларда аўыл хожалығы өнимлери экспортын арттырыў ҳәм де қосымша қун шынжырын жаратыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:

🔸2025-жылда мийуе-палыз ҳәм азық-аўқат өнимлериниң экспорт көлемин жәми 3,5 миллиард АҚШ долларына жеткериў;

🔸2025-жылдың ақырына шекем 8 мәмлекетке жаңа 30 түрдеги өнимлер экспорты ушын фитосанитариялық рухсатнамаларды алыў;

🔸2025-жылы перспективалы базарларға 442 миллион АҚШ доллары, 2026-жылы 575 миллион АҚШ доллары муғдарындағы мийўе-палыз өнимлериниң экспортын тәмийинлеў;

🔸2025-жылда аймақларда жәми 2,1 миллион тонна мийўе-палыз өнимлери ушын қадақлар ислеп шығарыў бойынша 40,5 миллион АҚШ доллары муғдарындағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў.

✔️️2028-жыл 1-январьға шекем мийўе-палыз өнимлерин заманагөй қадақларда реализацияға шығаратуғын ҳәм де төмендеги барлық шәртлерге бир ўақыттың өзинде жуўап беретуғын исбилерменлер ушын пайда салығы ҳәм өзлериниң хызметкерлери ушын физикалық шахслардан алынатуғын социаллық салық ставкалары 1 процент етип белгиленеди:

▪️ҳәр айда ҳәр бир хызметкерге ис ҳақы муғдары мийнетке ҳақы төлеў ең кем муғдарының 2 есесинен кем болмаған муғдарда есапланғанда;

▪️заманагөй қадақланған мийўе-палыз өнимлерин салық дәўиринде реализациялаўдан түскен улыўма түсим жәми товарларды (хызметлерди) реализациялаўдан алынған дәраматтың кеминде 50 процентин қурағанда;

✔️2027-жыл 1-апрельге шекем собықлы өнимлерди егиў, жыйнап алыў ҳәм сайлап алыў үскенелери импорты ушын бажыхана бажысының 1 процентлик ставкасы қолланылады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
17.04.2025, 10:56
t.me/huqiqiymalimleme/9478
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
982
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Айырым исбилерменлерге гиреўсиз кредитлер бериледи

Дерек: ПП-50-санлы, 19.03.2025-жыл.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
17.04.2025, 10:29
t.me/huqiqiymalimleme/9477
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
1.2 k
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

️❗️Өзбекстан және бир халықаралық питимге қосылды

"Өзбекстан Республикасының Евроазия раўажланыў банкин шөлкемлестириў ҳаққындағы Келисимге қосылыўы ҳаққында"ғы Нызам (ӨРН-1052-санлы, 09.04.2025 ж.) қабыл етилди.

✔️Нызам менен Өзбекстан усы халықаралық питимге қосылды.

📌 Мағлыўмат ушын: бул келисим 2006-жыл 12-январьда Астана қаласында қабыл етилген.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
16.04.2025, 07:43
t.me/huqiqiymalimleme/9476
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
1.0 k
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Лимончилик соҳаси қўллаб-қувватланади

"Республикада лимон жетистириў тараўын қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (198-санлы, 02.04.2025 ж.) қабыл етилди.

🔰Қарарға көре, төмендегилер белгиленди:

🔸лимон жетистириўге қәнигелескен аймақларда халықтың үйлеринде ҳәм ижараға берилген жер майданларында ықшам ыссыханалар қурып бериў ҳәм де 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекем бөлип-бөлип төлеў шәрти менен сатыў;

🔸шет ел мәмлекетлеринен лимон мийўесинен мурабба, жем ҳәм лимонад ислеп шигарыў үскенелерин алып келиў, орнатыў ҳәм де исбилерменлерге лизинг тийкарында бериўди жолға қойиў;

🔸әмелдеги кредитлер ҳәм процент қарыздарлықларын қайта қаржыландырыў арқалы лимоншылық хожалықларының жумысын жеңиллетилген шәртлерде саламатландырыў.

✔️Сондай-ақ, Норин, Шахрисабз, Учкўприк ҳәм Денаў районларындағы 1ден мәҳәллени илимий тийкарланған көзқарас тийкарында лимон нәллери жетистириўге қәнигелестириў ҳәм де усы районларда 1 млн дана сапалы лимон нәллери жетистириў жолға қойылады.

✔️2025-жыл жуўмағына шекем дийқан хожалықлары ҳәм халық қыйтақ жерлеринде бар лимон жетистирилетуғын жер майданлары толық хатлаўдан өткериледи ҳәм де мағлыўматлар "Оnline mahalla" электрон платформасына киргизиледи.

📌 Буннан тысқары, лимонниң суўыққа ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы сортларын жаратыў ҳәм де олардың нәлин жедел көбейтиўге қаратылған мақсетли фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық жойбарлар таңлаўы жәрияланады.
14.04.2025, 13:41
t.me/huqiqiymalimleme/9475
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
1.0 k
❗️2025-жыл 1-майдан электр энергиясы ҳәм тәбийий газ ушын жаңа баҳалар күшке киреди.

◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️

❗️2025 йил 1 майдан электр энергияси ва табиий газ учун янги нархлар кучга киради.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
14.04.2025, 13:16
t.me/huqiqiymalimleme/9474
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
939
❗️2025-жыл 1-майдан тәбийий газ ушын жаңа баҳалар күшке киреди

◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️

❗️2025 йил 1 майдан табиий газ учун янги нархлар кучга киради

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
14.04.2025, 13:05
t.me/huqiqiymalimleme/9473
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
4
757
❗️2025-жыл 1-майдан электр энергиясы ушын жаңа баҳалар күшке киреди

◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️

❗️2025 йил 1 майдан электр энергияси учун янги нархлар кучга киради

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
14.04.2025, 12:23
t.me/huqiqiymalimleme/9472
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
4
1.1 k
❗️Халыққа тәбийий газ ҳәм электр энергиясы ушын бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратылады.

◼️◼️◼️◼️◼️◼️◼️

❗️Аҳолига табиий газ ва электр энергияси учун бир марталик моддий ёрдам ажратилади.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
14.04.2025, 12:10
t.me/huqiqiymalimleme/9471
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
593
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Концерт-тамаша илажларында фонограммадан пайдаланыў басқышпа-басқыш шекленеди

"Концерт-тамаша жумысында жанлы атқарыўды еле де хошаметлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (207-санлы, 08.04.2025-ж.) қабыл етилди.

🔰Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-майдан:

🔸мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар есабынан қаржыландырылатуғын барлық концерт-тамаша илажларында фонограммадан пайдаланыў басқышпа-басқыш шекленеди;

🔸концерт-тамаша илажлары рекламаларында тийислисинше "Жанлы атқарыў", "Фонограммадан пайдаланған тәризде жанлы ҳаўаз" ямаса "Фонограммалы концерт бағдарламасы" деп анық көрсетилиўи керек;

️🔸Мәденият министрлиги тәрепинен дөретиўшилерди "Өзбекстан Республикасы халық артисти", "Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен артист" ҳәм "Өзбекстан Республикасы халық қосықшысы" мәмлекетлик сыйлықларына усыныс етиўде, биринши гезекте, олардың жанлы атқарыў қәбилети инабатқа алынады.

✔️2025-жыл 1-июльдан:

🔹жанлы атқарыўда шөлкемлестирилетуғын концерт-тамаша илажлары бойынша рекламаларды Өзбекстан МТРК системасындағы телерадиоканалларда эфирге бериў ушын илаж шөлкемлестириўшисине 30 процент муғдарында шегирме бериледи;

🔹жанлы атқарыўда ҳәм фонограммадан бираз пайдаланған тәризде шөлкемлестирилетуғын концерт-тамаша илажлары Өзбекстан МТРК системасындағы телерадиоканалларда тийисли телерадиоканал Көркемлик кеңесиниң унамлы жуўмағы тийкарында бийпул эфирге бериледи.

🔹ҳәр шеректе республиканың барлық аймақларында "Жанлы атқарыў ҳәптелиги" өткериледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
14.04.2025, 12:09
t.me/huqiqiymalimleme/9470
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Концерт-тамаша илажларында фонограммадан пайдаланыў басқышпа-басқыш шекленеди

"Концерт-тамаша жумысында жанлы атқарыўды еле де хошаметлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (207-санлы, 08.04.2025-ж.) қабыл етилди.

🔰Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-майдан:

🔸мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар есабынан қаржыландырылатуғын барлық концерт-тамаша илажларында фонограммадан пайдаланыў басқышпа-басқыш шекленеди;

🔸концерт-тамаша илажлары рекламаларында тийислисинше "Жанлы атқарыў", "Фонограммадан пайдаланған тәризде жанлы ҳаўаз" ямаса "Фонограммалы концерт бағдарламасы" деп анық көрсетилиўи керек;

️🔸Мәденият министрлиги тәрепинен дөретиўшилерди "Өзбекстан Республикасы халық артисти", "Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен артист" ҳәм "Өзбекстан Республикасы халық қосықшысы" мәмлекетлик сыйлықларына усыныс етиўде, биринши гезекте, олардың жанлы атқарыў қәбилети инабатқа алынады.

✔️2025-жыл 1-июльдан:

🔹жанлы атқарыўда шөлкемлестирилетуғын концерт-тамаша илажлары бойынша рекламаларды Өзбекстан МТРК системасындағы телерадиоканалларда эфирге бериў ушын илаж шөлкемлестириўшисине 30 процент муғдарында шегирме бериледи;

🔹жанлы атқарыўда ҳәм фонограммадан бираз пайдаланған тәризде шөлкемлестирилетуғын концерт-тамаша илажлары Өзбекстан МТРК системасындағы телерадиоканалларда тийисли телерадиоканал Көркемлик кеңесиниң унамлы жуўмағы тийкарында бийпул эфирге бериледи.

🔹ҳәр шеректе республиканың барлық аймақларында "Жанлы атқарыў ҳәптелиги" өткериледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
14.04.2025, 12:08
t.me/huqiqiymalimleme/9469
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
570
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Қолайсыз тәбийий-климат шараятларында ислейтуғын айырым хызметкерлерге жумыс стажына қарап үстемелер төленеди

🔰Ҳүкимет қарары (206-санлы, 08.04.2025 ж.) менен "Учқудуқ, Зарафшан, Нурабад қалалары ҳәм Конимех районының Зафарабад посёлкасындағы бюджет шөлкемлери хызметкерлерине компенсация қәсиетине ийе болған үстеме төлеў тәртиби ҳаққында"ғы Реже тастыйықланды.

✔️Реже Учқудуқ, Зарафшан, Нурабад қалалары ҳәм Конимех районы Зафарабад посёлкасындағы (қалалар) бюджет шөлкемлери хызметкерлерине компенсация өзгешелигине ийе болған үстеме төлеў тәртибин белгилейди.

📝Қалалардағы бюджет шөлкемлери хызметкерлерине қолайсыз тәбийий-климат шараятларында ислегени ушын айлық үстеме төлемлери бюджет шөлкемлеринде ислеген ис стажынан келип шығып, төмендеги муғдарларда белгиленеди:

🔹3 жылға шекем ис стажына ийе болған хызметкерлерге тариф ставкасының (лаўазым айлығының) 0,25 проценти;

🔹3 жылдан 5 жылға шекем ис стажына ийе болған хызметкерлерге тариф ставкасының (лаўазым айлығының) 0,5 проценти;

🔹5 жылдан артық ис стажына ийе болған хызметкерлерге тариф ставкасының (лаўазым айлығының) 0,75 проценти.

✔️Айлық үстемени алыў ҳуқықын бериўши ис стажына төмендегилер киргизиледи:

▪️қалалардағы бюджет шөлкемлеринде хызметкердиң ислеген дәўири;

▪️хызметкер ҳақыйқатында ислемеген болса да, бирақ нызамшылыққа тийкарланып қалалардағы бюджет шөлкемлеринде хызметкердиң жумыс орны (лаўазымы) сақланған дәўири;

▪️"Наўайы кән-металлургия комбинаты" акционерлик жәмийети, "Наўайыуран" мәмлекетлик кәрханасы ҳәм "Наўайы кән-металлургия комбинаты қоры" мәмлекетлик мәкемеси системасынан Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги системасына өткерилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери хызметкерлериниң усы кәрханаларда ислеген дәўири.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
14.04.2025, 10:39
t.me/huqiqiymalimleme/9468
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
587
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Шаңарақлық зорлықтан жәбирленген шахс талабына көре некеден ажырасқанда мүддет тайынланбайды

Нызам (ӨРН-1053-санлы, 09.04.2025 ж.) менен айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди

🔰Шаңарақ кодексине киргизилген қосымшаға көре, некеден ажыратыў ҳаққындағы ислер көрип шығылып атырғанда суд шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан жәбирленген шахстың талабы бойынша жарасыў ушын мүддет тайынламайды.

✔️️Буннан тысқары, Турақ жай кодексине киргизилген қосымшаға көре, турақ жайдан пайдаланыў ҳаққындағы келиспеўшиликлер көрип шығылып атырғанда суд тәреплердиң келисими тийкарында турақ жай мүлк ийесиниң басламасына көре турақ жайға мәжбүрий тәртипте киргизилип атырған тәрепти турақ жай мүлк ийесине тийисли пропорционал шараятларға ийе болған басқа турақ жайға киргизиў ямаса ижараға алынған турақ жай ушын ижара ҳақысын төлеў миннетлемесин мүлк ийесиниң мойнына жүклеўи мүмкин екенлиги белгиленди.

📝 Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
14.04.2025, 09:44
t.me/huqiqiymalimleme/9467
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
536
#Билесизбе

🔖Нызамшылыққа көре, егер Өзбекстан Республикасының кейинги нызамшылығы инвестиция етиў шараятларын аўырластырса, инвестиция етиў сәнесинде әмелде болған нызамшылық сырт ел инвесторларына инвестиция етиў ўақтынан баслап 10 жыл даўамында қолланылады.

✔️Инвестор өзиниң инвестиция ислеў шәрт-шараятларын жақсылайтуғын жаңа нызамшылық қағыйдаларын өз қәлеўине көре қолланыў ҳуқықына ийе.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
14.04.2025, 09:36
t.me/huqiqiymalimleme/9466
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
552
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Хожалық жәмийетлери басқарыў уйымлары мәжилисинде аралықтан қатнасыў тәртиби белгиленди

Дерек: 3613-санлы Реже, 24.03.2025-жыл.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
14.04.2025, 09:27
t.me/huqiqiymalimleme/9465
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
638
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Электр ушын арзанлаў норма енгизилди

"Жанылғы-энергетика ресурслары тутыныўшыларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2024-2025-жылларда жанылғы-энергетика ресурслары баҳаларының басқышпа-басқыш өзгериў графигине өзгерислер ҳәм қосымша киргизиў ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (194-санлы, 31.03.2025 ж.) қабыл етилди

🔰Қарарға көре, Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарары менен тастыйықланған 2024-2025-жылларда жанылғы-энергетика ресурслары баҳаларының басқышпа-басқыш өзгериў графиги өзгерис ҳәм қосымша киргизилди.

✔️Оған көре, жанылғы-энергетика ресурслары баҳаларының асыўы мүддети 1-апрельден 1-майға көширилди.

✳️️ Сондай-ақ, 201 кВт·сааттан 1000 кВт·саатқа шекемги дифференциалластырылған тариф бойынша тутыныў муғдары арасына жаңа муғдар киргизилди. Яғный 2025-жыл 1-майдан тутыныўшылар 201 кВт·сааттан 500 кВт·саатқа шекем болған жаңа муғдар аралығында ҳәр бир киловатт·саат ушын 800 сўмнан төлейди.

❗️Алдынғы тәртипке көре, 201 кВт·сааттан 1000 кВт·саатқа шекемги бөлеги ушын 900 сўмнан ҳақы төленген.

📝 Мысал ушын, бир айда орташа 500 кВт·саат муғдарында электр энергиясын жумсайтуғын шаңарақ ўәкиллери буның ушын 2025-жыл 1-майға шекем 360 мың сўм төлеген (200 кВт·саат базалық норма ушын 90 мың сўм, 201 кВт·сааттан 500 кВт·саат ушын 270 мың сўм). Тариф өзгерислеринен соң бир айда орташа 500 кВт·саат ток пайдаланатуғын хожалық бул ушын 360 мың сўм төлейди (200 кВт·саат базалық норма ушын 120 мың сўм, 201 кВт·сааттан 500 кВт·саат ушын 240 мың сўм). Яғный олар ушын баҳа көтерилип атырған жоқ.

📌 Буннан тысқары, 2026-жыл 1-январьдан электр энергиясы ҳәм тәбийий газ баҳалары ҳәр жылы 1-майдан бир мәрте жыллық инфляция дәрежесинен келип шыққан ҳалда 10 проценттен жоқары болмаған муғдарда индексленип барылады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
14.04.2025, 09:06
t.me/huqiqiymalimleme/9464
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
4
756
#Салық_жеңилликлери

️🔖Салық дәўири даўамында мийнетке ҳақы төлеў ең кем муғдарының 2,11 есесине шекемги баҳада жумыс бериўши тәрепинен хызметкерге берилген натура түриндеги саўғалар дәрамат салығына тартылмайды.

✔️Сондай-ақ, алдын усы жумыс бериўшиниң хызметкерлери болған ислемейтуғын пенсионерлер ҳәм мийнет қәбилетин жоғалтқан шахслар, қайтыс болған хызметкердиң шаңарақ ағзалары тәрепинен алынған усы баҳадағы саўғалар ҳәм де басқа түрдеги жәрдемлерден де дәрамат салығы услап қалынбайды.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
11.04.2025, 09:21
t.me/huqiqiymalimleme/9463
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
630
#Билесизбе #Экологиялық_ҳуқуқлар

⚠️️Нызамшылыққа көре, шығындыларды аймақлы пунктлер жерлеринде, тәбиятты қорғаў, саламатландырыў, рекреация мақсетлерине мөлшерленген жерлерде, материаллық мәдений мийрас объектлери жайласқан жерлерде, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына, сондай-ақ тәбиятты қорғаў объектлерине ҳәм де қорғалатуғын тәбийий аймақларға зыян жеткериў қәўпи келип шығыўы мүмкин болған басқа орынларда сақлаў ҳәм бундай орынларға көмип таслаў қадаған етиледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
11.04.2025, 09:07
t.me/huqiqiymalimleme/9462
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
514
#Билесизбе

🔖Субъекттың разылығы менен еркин пайдаланылыўы мүмкин болған ямаса жасырынлыққа әмел етиўге байланыслы талаплар қолланылмайтуғын шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған шахсқа байланыслы мағлыўматлар болып есапланады.

✔️Халықты мәлимлеме менен тәмийинлеў мақсетинде шахсқа тийисли мағлыўматлардың ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған дереклери (соның ишинде биографиялық мағлыўматнамалар, телефон, мәнзил китаплары, ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған электрон мәлимлеме ресурслары) жаратылыўы мүмкин.

📝Субъект ҳаққындағы мағлыўматлар шахсқа тийисли мағлыўматлардың ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған дереклеринен оның мүрәжатына көре, келисим қандай формада берилген болса, сондай формада ямаса жазба формада, соның ишинде электрон ҳүжжет түринде, сондай-ақ, ўәкилликли мәмлекетлик уйымның ямаса судтың қарарына көре шығарып тасланыўы мүмкин.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
11.04.2025, 08:48
t.me/huqiqiymalimleme/9461
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
529
#Тутыныўшы_ҳуқықлары

⚠️️Нызамшылыққа көре, тутыныўшы қолайлы сапалы азық-аўқатлық емес товарды сатып алған күнинен баслап 10 күн ишинде усы товар сатып алынған жердеги сатыўшыдан оны тап сондай товарга алмастырып алыўға, егер бундай товар сатыўда болмаса, пулын қайтарып алыўға ҳақылы.

📃Егер товардан пайдаланылмаған, ол зыянланбаған, қадағы менен қайтарылған болса, оның тутыныў қәсиетлери сақланған ҳәм усы сатыўшыдан сатып алғанлығын тастыйықлаўшы тийкарлар болса, тутыныўшының товарды алмастырыў ямаса қайтарып алыў ҳаққындағы талабы қанаатландырылыўы лазым.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
11.04.2025, 08:36
t.me/huqiqiymalimleme/9460
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
#Тутыныўшы_ҳуқықлары

⚠️️Нызамшылыққа көре, тутыныўшы қолайлы сапалы азық-аўқатлық емес товарды сатып алған күнинен баслап 10 күн ишинде усы товар сатып алынған жердеги сатыўшыдан оны тап сондай товарга алмастырып алыўға, егер бундай товар сатыўда болмаса, пулын қайтарып алыўға ҳақылы.

📃Егер товардан пайдаланылмаған, ол зыянланбаған, қадағы менен қайтарылған болса, оның тутыныў қәсиетлери сақланған ҳәм усы сатыўшыдан сатып алғанлығын тастыйықлаўшы тийкарлар болса, тутыныўшының товарды алмастырыў ямаса қайтарып алыў ҳаққындағы талабы қанаатландырылыўы лазым.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
11.04.2025, 08:32
t.me/huqiqiymalimleme/9459
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
#Тутыныўшы_ҳуқықлары

⚠️️Нызамшылыққа көре, тутыныўшы қолайлы сапалы азық-аўқатлық емес товарды сатып алған күнинен баслап 10 күн ишинде усы товар сатып алынған жердеги сатыўшыдан оны тап сондай товарга алмастырып алыўға, егер бундай товар сатыўда болмаса, пулын қайтарып алыўға ҳақылы.

📃Егер товардан пайдаланылмаған, ол зыянланбаған, қадағы менен қайтарылған болса, оның тутыныў қәсиетлери сақланған ҳәм усы сатыўшыдан сатып алғанлығын тастыйықлаўшы тийкарлар болса, тутыныўшының товарды алмастырыў ямаса қайтарып алыў ҳаққындағы талабы қанаатландырылыўы лазым.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
11.04.2025, 08:31
t.me/huqiqiymalimleme/9458
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
5
565
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Айырым категориядағы шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратылады

Қарарға көре, 2025/2026-жылғы жылытыў мәўсиминде халықтың мүтәж қатламын қосымша материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде усы жылдың ноябрь айында төмендеги шаңарақларға 1 миллион сўмнан бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратылады:

🔹Реестрлерге киргизилген шаңарақларға;

🔹"мәҳәлле жетилиги" жуўмағы тийкарында Реестрлерге киргизилмеген, бирақ жәрдемге мүтәж шаңарақларға. Онда "мәҳәлле жетилиги" тәрепинен қосымша дизим қәлиплестирилиўинде, биринши гезекте, төмендегилер инабатқа алынады:

▪️бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлар;

▪️ағзалары I ямаса II топар майыплығы болған шахслардан ибарат болған шаңарақлар;

▪️майыплығы болған балаларды бағып атырған шаңарақлар;

▪️узақ мүддетли емлениўди талап ететуғын кеселликлер менен кеселленген шахслар жасайтуғын шаңарақлар;

▪️өзгелер күтимине мүтәж болған жалғыз жасаўшы шахслар ҳәм де жалғыз жасаўшы кекселер;

▪️майыплығы болған шахслар;

▪️3 ҳәм оннан аслам шаңарақ жасайтуғын хожалықларда ҳәм де газ тәмийнаты болмаған ҳәм орайласқан тәртипте жылытылмайтуғын көп қабатлы үйлерде жасайтуғын шаңарақлар.

️📝Қосымша түрде қәлиплестирилетуғын дизимдеги шаңарақлар саны Реестрлерге киргизилген шаңарақлар санының 40 процентинен аспаўы керек.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
11.04.2025, 07:40
t.me/huqiqiymalimleme/9457
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
724
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

️Юридикалық кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў институтының тийкарғы ўазыйпалары белгиленди

Дерек: МКҚ-171-санлы, 19.03.2025-жыл.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
10.04.2025, 15:15
t.me/huqiqiymalimleme/9454
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
677
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Кем тәмийинленген шаңарақларға электр ҳәм газ төлемлериниң бир бөлеги компенсация қылып бериледи

"Жанылғы-энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўде жәрдемге мүтәж халықты мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-134-санлы, 02.04.2025 ж.) қабыл етилди.

❇️️Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-майдан 2027-жыл 1-апрельге шекем "Социаллық қорғаў бирден-бир реестри" мәлимлеме системасы арқалы балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем алыўшы ҳәм де Кәмбағал шаңарақлар реестрине (Реестрлер) киргизилген, сондай-ақ, Реестрлерге киргизилмеген, бирақ материаллық жағдайы бойынша кем тәмийинленген шаңарақлар критерияларына туўры келетуғын, шаңарақтағы жан басына дәраматы минимал тутыныў қәрежетлериниң 1,5 есесинен аспайтуғын шаңарақларға:

🔸электр энергиясы тутыныўы бойынша - айына базалық нормадан 150 кВт саатқа шекем;

🔸тәбийий газ тутыныўы бойынша - ысытыў мәўсиминде айына базалық нормадан 250 куб метрге шекем, басқа дәўирлерде айына базалық нормадан 150 куб метрге шекем артық пайдаланылған бөлеги ушын базалық норма шеңбериндеги ҳәм де базалық нормадан асқан баҳалар арасындағы парық компенсация қылып бериледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
10.04.2025, 14:20
t.me/huqiqiymalimleme/9453
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
675
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️"Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен эколог" ҳүрметли атағы енгизилди

Дерек: ӨРН-1048-санлы, 19.03.2025-жыл.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
10.04.2025, 13:42
t.me/huqiqiymalimleme/9452
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
719
#Мийнет_ҳуқықлары

️⚠️Нызамшылыққа көре, мийнет шараяты қолайсыз жумысларда бәнт болған хызметкерлер белгиленген нормалар бойынша сүт (соған теңлестирилген басқа азық-аўқат өнимлери), емлеў-профильактикалық азық-аўқат, газленген дузлы суў (ыссы цехларда ислеўшилер ушын), арнаўлы кийим-бас, санитариялық кийим-бас, арнаўлы аяқ кийим ҳәм басқа да жеке қорғаў ҳәм гигиена затлары менен бийпул тәмийинленеди.

💸 Хызметкерлердиң жеке қорғаныў қуралларын алыў, сақлаў, жуўыў, тазалаў, оңлаў, дезинфекциялаў ҳәм зыянсызландырыў жумыс бериўшиниң қаржылары есабынан әмелге асырылады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
9.04.2025, 15:32
t.me/huqiqiymalimleme/9451
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
703
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Электрон есап-фактура ҳәм электрон товар-транспорт жүк хаты бириктириледи

Дерек: МКҚ-168-санлы, 18.03.2025-жыл.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
9.04.2025, 14:03
t.me/huqiqiymalimleme/9450
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
603
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Республиканың айырым аймақлары жедел комплексли раўажландырылады

"Республика аймақларын жедел комплексли раўажландырыў ушын таңлап алынған район (қала)ларда әмелий илажларды әмелге асырыў ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-132, 01.04.2025 ж.) қабыл етилди.

🔰Қарарға көре, республика аймақларын жедел комплексли раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери етип 16 район (қала)да төмендегилер белгиленди, соның ишинде:

🔸санаат өндириси көлеми орташа 7-8 процентке, базар хызметлери көлеми 15-17 процентке, аўыл хожалығы өндириси көлеми 4-5 процентке турақлы өсиўин тәмийинлеў;

🔸жумыссызлық дәрежесин 4-5 процентке, кәмбағаллық дәрежесин 5-6 процентке азайтыў, онда Қоңырат, Асака, Ғаллаорол, Денаў районлары ҳәм де Марғилан қаласын жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў;

✔️Қарарға тийкар, төмендеги жойбарлар ислеп шығылады, атап айтқанда:

🔹2025-жыл 1-июльға шекем Район (қала)ларды жедел комплексли раўажландырыў бағдарламалары (Бағдарлама) шеңбериндеги район (қала)лар орайларының ислеп шығылғанына 10 жылдан аслам мүддет болған бас режелерин 3 категориядағы (реновация, реконструкция ҳәм консервация) зоналарға ажыратып, әпиўайыластырылған тәртипте ҳәм де халық ҳәм исбилерменлердиң усынысларын есапқа алған тәризде жаңаланған бас реже жойбарлары;

🔹Асака, Ғиждувон, Ғаллаорол, Хатирчи, Чортоқ, Сырдәря, Денаў, Қува, Шават районлары ҳәм Янгийўл қаласы орайлары ҳәм оларға тутас аймақларда халық ҳәм туристлердиң жасаўы, дем алыўы ҳәм сейил етиўи, сондай-ақ, хызметлер ҳәм басқа да бағдарларда исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған мастер реже жойбарлары;

🔹Хатирчи, Қува ҳәм Чортоқ районларында туризм бағдарындағы мастер реже жойбарлары;

📃1 ҳәпте мүддетте Бағдарлама шеңбериндеги район (қала) ҳәкимликлеринде ҳуқықый эксперимент түринде 2026-жыл 1-январьға шекем "Халық ҳәм исбилерменлердиң мәплерине хызмет етиў" жаңаша көзқарас тийкарында Жойбар офиси жумысы жолға қойылады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
9.04.2025, 13:04
t.me/huqiqiymalimleme/9449
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
6
496
#Билесизбе

🔰 Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында:

🔹мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары - 1 155 000 сўм;

🔹базалық есаплаў муғдары - 375 000 сўм;

🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары - 428 000 сўм;

🔹жасқа байланыслы ең кем пенсия - 834 000 сўм;

🔹майыплық пенсиялары, соның ишинде, мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары - 920 000 сўм;

🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа - 920 000 сўм;

🔹белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарынан (834 000 сўмнан) 920 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсиялары - 920 000 сўм;

🔹зарүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа - 745 000 сўм;

🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсияның ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда - 745 000 сўм.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
9.04.2025, 12:29
t.me/huqiqiymalimleme/9448
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
483
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Микро гидроэлектр станциялары тармағы раўажландырылады

"Республика аймақларында микро гидроэлектр станциялары тармағын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-129-санлы, 28.03.2025-ж.) қабыл етилди.

✔️Қарарға көре, 2025-2026-жылларда Республика аймақларында микро гидроэлектр станциялары тармағын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:

🔸жәми қуўатлылығы 164 МВт болған 2 983 микро ГЭС қурыў ҳәм жылына 500 млн кВт/саат экологиялық таза электр энергиясын ислеп шығарыў;

🔸жаңа микро ГЭСлерди иске түсириў есабынан 280 мың халықты электр энергиясы менен тәмийинлеў;

🔸қурылыс дәўиринде 1200 жумысшының бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жойбарлар иске түскеннен кейин 520 турақлы жумыс орнын жаратыў.

✔️2025-жыл 1-майға шекем жойбар ҳүжжетлерине тийкар микро ГЭСлер қурыў ушын таңлап алынған жер участкалары белгиленген тәртипте Энергетика министрлигине ажыратылады.

📝Энергетика министрлиги ажыратылған жер участкалары жойбар интакерлерине микро ГЭСлер қурыў ҳәм иске түсириў ушын 20 жыл мүддетке ижараға берилиўин тәмийинлейди.

📌 Буннан тысқары, Киши ҳәм микро гидроэлектр станциялары жойбарларын әмелге асырыў топары шөлкемлестириледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
9.04.2025, 12:19
t.me/huqiqiymalimleme/9447
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
520
#Билесизбе

⚠️️Жолларда транспорт қуралларының ҳәрекетлениўин шеклеў ямаса қадаған етиў төмендеги жағдайларда тийисли ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың мәлимлемесине тийкарланып әмелге асырылады:

🔸жол ҳәрекети қәўипсизлигине, соның ишинде, пуқаралардың өмири ямаса денсаўлығына қәўип болғанда;

🔸экстремал климат шараятлары ҳаққында, тәбийий апатшылықлар, авариялар, өртлер, тәбийий ҳәм техноген характердеги басқа айрықша жағдайлардың жүз бериў қәўпи ҳаққында белгиленген тәртипте ескертиў келип түскенде;

🔸экстремал климат шараятлары, тәбийий апатшылықлар, авариялар, өртлер, тәбийий ҳәм техноген характердеги басқа айрықша жағдайлар жүз бергенде;

🔸жол-транспорт ҳәдийселери жүз бергенде;

🔸нызамда нәзерде тутылған оператив-излеў илажлары, сондай-ақ, процессуал ҳәрекетлер әмелге асырылып атырғанда;

🔸ғалабалық илажлар (спорт илажлары ҳәм мәдений илажлар, кино- ҳәм фото сүўретке алыў, ғалабалық сейиллер, ярмаркалар, ғалабалық жүрислер ҳәм басқа да илажлар) өткерилип атырғанда;

🔸қорғалатуғын шахслар жолда ҳәрекетленип атырғанда.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
9.04.2025, 11:07
t.me/huqiqiymalimleme/9446
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
9
769
🔰1993-жыл 9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм “Мәмлекетлик герб ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилген күн

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.

Усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына 8 мәртебе ѳзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги жәмәәти гүллан халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлайды.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T/T
9.04.2025, 10:56
t.me/huqiqiymalimleme/9445
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
529
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Исбилермен ҳаялларға гиреўсиз кредит бериледи

Дерек: ПҚ-103, 14.03.2025 жыл.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
9.04.2025, 10:33
t.me/huqiqiymalimleme/9444
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
658
❗️️Тәжирийбели юристлерден бийпул ҳуқықый мәсләҳәт алың

Өзиңизди қыйнап атырған ҳәм қызықтырған ҳәр қандай ҳуқықый тараўдағы сораўлар бойынша тәжирийбели юристлерден бийпул мәсләҳәт алың.

Сораў бериў ушын https://advice.uz/uz/offices сайтындағы "Ҳуқықый жәрдем керек бе?" панелинен (түймесинен) пайдаланың.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
9.04.2025, 10:21
t.me/huqiqiymalimleme/9443
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
641
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Жолаўшы тасыў жумысын тәртипке салыў жетилистириледи

"Автомобил транспортында жолаўшы тасыў жумысын тәртипке салыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (200-санлы, 02.04.2025-ж.) қабыл етилди.

⚠️️Қарарға көре, юридикалық шахсларға тийисли жөнелиссиз таксилерге төмендеги ҳуқықлар бериледи:

🔹жолаўшыларды түсириў ҳәм алыў мақсетинде "Тоқтаў қадаған етилген" жол белгиси ҳәрекет етиўши аймақта, соның ишинде, аэропорт ҳәм вокзалларға тутас аймақларда тоқтаў;

🔹аэропортлар, темир жол вокзаллары, автовокзаллар, устав фондында (устав капиталында) мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған қурылыс товарлары, дийқан ҳәм буйым базарлары ҳәм де саўда комплекслериниң төлемли тоқтаў орынларына жолаўшыларды алыў ҳәм түсириў ушын бийпул кириў;

🔹жөнелисли транспорт қураллары ушын ажыратылған арнаўлы ҳәрекетлениў жолы бойлап ҳәрекетлениў.

❇️️Буннан тысқары, 2025-жыл 15-апрельден 2026-жыл жуўмағына шекем эксперимент түринде Ташкент қаласында турлари Транспорт министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын, айдаўшыдан тысқары 4 тен артық ҳәм 8 ден көп болмаған орынлықларға ҳәм де жоқары қолайлықларға ийе автотранспорт қуралларында өзин-өзи бәнт еткен шахслар тәрепинен жөнелиссиз такси хызметин әмелге асырыўға рухсат етиледи.

✔️Бунда өзин-өзи бәнт еткен тасыўшыларға лицензия бети берилгенлиги ушын мәмлекетлик бажы БЕМның 3 есеси муғдарында өндириледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
9.04.2025, 09:59
t.me/huqiqiymalimleme/9441
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
815
#Билесизбе #Билимлендириў

⚠️️Нызамшылыққа көре, инклюзив билимлендириў айрықша билимлендириў мүтәжликлери ҳәм индивидуал имканиятлардың ҳәр қыйлылығын есапқа алған тәризде барлық билим алыўшылар ушын билимлендириў шөлкемлеринде билим алыўға болған теңдей имканиятларды тәмийинлеўге қаратылған.

❇️️Физикалық, ақылый, сенсор (сезиў) ямаса руўхый нуқсанлары болған балалар (шахслар) ушын билимлендириў шөлкемлеринде инклюзив билимлендириў шөлкемлестириледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
8.04.2025, 11:38
t.me/huqiqiymalimleme/9440
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
709
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Энергия ресурслары бийкарға жумсалыўының алдын алыў системасы жетилистириледи

"Жанылғы-энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў ҳәм бийкарға жумсалыўының алдын алыў хәм де энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша ис-илажларды жетилистириў ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-133-санлы, 01.04.2025 ж.) қабыл етилди.

🔰Қарарға көре, аймақларда тутыныўшыларды альтернатив энергия ресурсларынан пайдаланыўға өткериў ҳәм де энергия үнемлеўши технологияларды орнатыў арқалы 2,5 миллиард кВт саат электр энергиясын ҳәм 1,1 миллиард метр куб тәбийий газди үнемлеўге ерисиў мақсетинде төмендегилер белгиленди. Соннан:

🔸тутыныўшылар тәрепинен қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылмаларынан пайдаланыў ҳәм қосымша 74 мыңнан аслам объектте жәми қуўатлылығы 785 МВт болған қуяш панельлерин ҳәм 9 мыңнан аслам 1,2 млн литрли қуяш коллекторларын орнатыў есабынан 1,6 миллиард кВт саат электр энергиясын үнемлеў;

🔸халқы социаллық жақтан аўыр жағдайда болған 300 мәҳәлледе қуўатлылығы 100 МВт дан артық киши қуўатлылықтағы фотоэлектр станцияларын қурыў есабынан 45 миллион метр куб тәбийий газди үнемлеў;

🔸бюджет шөлкемлеринде энергия үнемлеўши үскенелерден пайдаланыўды кеңейтиў есабынан 39 миллион метр куб тәбийий газди үнемлеў.

❇️️2025-жылда "Жасыл экономика"ға өтиўди жеделлестириў шеңберинде қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын орнатыў, тутыныўшыларды альтернатив энергияға өткериў, энергия үнемлеўши ҳәм нәтийжели технологияларды енгизиў бағдарламасы тастыйықланады.

📌 2025-жыл 1-майға шекем Энергетика министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Тармақлараралық энергияны үнемлеў қорының "Жасыл жеңиллик" мәлимлеме системасы бирге ислесиўши коммерциялық банклердиң тийисли мәлимлеме бағдарламалары менен интеграцияланады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
8.04.2025, 11:03
t.me/huqiqiymalimleme/9439
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
524
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Халықтың қыйтақ жерлери ҳәм жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў шөлкемлестириледи

"Халықтың қыйтақ жерлери ҳәм дийқан хожалықлары жер майданларынан нәтийжели пайдаланыўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (191-санлы, 28.03.2025-ж.) қабыл етилди.

🔰Қарарға көре, "Online mahalla" платформасында дийқан хожалықлары ҳәм халықтың қыйтақ жериндеги бар жер майданлары ҳаққындағы мағлыўматлар онлайн режимде қәлиплестириледи.

📃2025-жыл 1-июньға шекем халықтың қыйтақ жерлериниң жер майданлары толық хатлаўдан өткерилиўи жуўмақланып, олардың айрықша есабы жүргизиледи.

✔️Сондай-ақ, үлгили мәҳәллелер жайласатуғын район (қала) лардағы халық қыйтақ жерлери ҳәм ижараға берилген жер майданларының 75 проценти басқышпа-басқыш бир түрдеги жоқары дәраматлы өнимлер жетистириў ушын қамтып алынады.

️✔️2025-жыл 10-апрельге шекем егилетуғын егин түрлери ҳәм өнимлерди жетистириў реже графиги тастыйықланады.

📌 2025-жыл 20-апрельге шекем халықтың қыйтақ жерлери ҳәм ижара тийкарында ажыратылған жер майданларында жетекши исбилерменлер жәрдеминде жоқары дәраматлы, сапалы туқым ҳәм нәллерди системалы жеткерип бериў, егиў ҳәм ҳәр бир қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў шөлкемлестириледи.

📝2025-жыл 1-майға шекем мәҳәллелерде әмелге асырылатуғын "жасыл" ҳәм ресурс үнемлеўши жойбарлардың мәнзилли дизими қәлиплестириледи.

❇️️Буннан тысқары, "бир контур - бир өним" принципи тийкарында жеңил конструкциялы ыссыхана, интенсив бағ, жүзимзар, әнарзар, гүлшилик ҳәм нәлшилик плантацияларын жаратыў ҳәм де жемис мийўе жетистириў бойынша жоқары дәраматлы ҳәм экспортқа қолайлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў жолға қойылады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
8.04.2025, 10:36
t.me/huqiqiymalimleme/9438
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
597
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Энергия нәтийжелилиги миллий агентлиги шөлкемлестириледи

"Энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў ҳәм энергия сервис компаниялары хызметлери базарын раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-63-санлы, 27.03.2025 ж.) қабыл етилди.

✔️Пәрманға тийкар, Министрлер Кабинети жанында Энергия нәтийжелилиги миллий агентлиги (Агентлик) шөлкемлестириледи.

✔️Энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў, тараўда хошаметлеўши ҳәм тәсир етиўши илажлар ислеп шығыў ҳәм тәртипке салыў Агентликтиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

💸 2025-жыл 1-июльдан халық турақ жайларының энергия аудитин өткериў қәрежетлери ҳәм де қуяш панельлери ҳәм гелиоколлекторлар баҳасының 20 проценти ҳәм ыссылық насослары (ҳаўа, суў ҳәм геотермал) баҳасының 40 процентин, бирақ БЕМның 50 есесинен аспаған муғдарда қаплаў ушын Агентлик тәрепинен субсидия ажыратылады.

📌 2025-жыл 1-сентябрьге шекем Энергия нәтийжелилигин арттырыў санлы платформасы иске түсириледи.

️ 📃 Агентлик жанында бюджеттен тысқары Энергия нәтийжелилигин хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестириледи.

❇️ ️2025-жыл 1-октябрьге шекем ислеп шығарыўшылар ҳәм импорт етиўшилер ушын технологиялар энергия нәтийжелилигиниң "жасыл" стандартлары енгизиледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
8.04.2025, 10:04
t.me/huqiqiymalimleme/9437
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
607
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Қосымша қунға ийе таяр өним ислеп шығарыў хошаметленеди

Дерек: ПП-47, 14.03.2025-жыл.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/
8.04.2025, 09:39
t.me/huqiqiymalimleme/9436
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
647
#Әдиллик_хабары

❗️️Үй-жайларға ҳуқықларды тән алыў басланды

🔰Мәмлекет басшысының тапсырмаларына тийкарланып "Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм де оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы Нызам қабыл етилген еди.

✔️Усы тарийхый әҳмийетке ийе Нызам орынланыўының дәслепки нәтийжелери көрине баслады.

Толық мағлыўмат

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
8.04.2025, 09:17
t.me/huqiqiymalimleme/9435
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
5
713
#Билесизбе #Пенсия_ҳәм_социаллық_қорғаў

️⚠️Нызамшылыққа көре, пенсионерге есаплап шығарып қойылған, бирақ ол тәрепинен өз ўақтында талап етип алынбаған пенсия пулы пенсияны алыў мақсетинде мүрәжат етилгенинен алдынғы 24 айдан аспаған дәўир ушын төленеди.

✔️Бирақ, пенсияны тайынлаўшы ямаса төлеўши органның айыбы менен өз ўақтында алынбай қалған пенсия пулы өткен дәўир ушын мүддети шекленбеген тәризде төленеди.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
8.04.2025, 09:02
t.me/huqiqiymalimleme/9434
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
5
788
#Билесизбе

❗️Нызамшылыққа көре, айлық (ис ҳақы) төленетуғын күн дем алыс күнине ямаса исленбейтуғын байрам күнине туўры келип қалғанда ис ҳақы усы күнлер қарсаңында төлениўи керек.

▶️ Айлық алыў ўақты кешиктирилсе кешиктирилген ҳәр бир күн ушын Орайлық банк қайта қаржыландырыў ставкасының 10 проценти муғдарында компенсация төлениўи керек.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
8.04.2025, 08:53
t.me/huqiqiymalimleme/9433
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
4
1.3 k
#Билесизбе

❗️️Мәмлекетлик пуқаралық хызметкери коррупцияға маўасасыз мүнәсибетте болыўы ҳәм коррупцияға алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлердиң (ҳәрекеcизликтиң) алдын алыўы шәрт.

✔️Егер мәмлекетлик пуқаралық хызметкери коррупция фактлери ҳаққындағы мағлыўматқа ийе болса, ол коррупцияның алдын алыў ушын зәрүр илажлар көриўи, соның ишинде жоқары турыўшы мәмлекетлик уйымды (лаўазымлы шахсты) ямаса коррупцияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымды дәрҳал хабар етиўи ямаса ҳуқық қорғаў уйымына мүрәжат етиўи керек.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 12:03
t.me/huqiqiymalimleme/9432
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
603
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Мәмлекетлик сатып алыўларда кооперация байланысларын орнатыў бойынша тутас ҳәм ашық-айдын система жаратылады

Дерек: МКҚ-159, 11.03.2025 жыл.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 11:38
t.me/huqiqiymalimleme/9431
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
5
587
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Бажыхана институтында бакалавриатта дуал тәлим тийкарында оқытыў жолға қойылады

⚠️️Қарарға тийкар, мәмлекеттиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм де бажыхана уйымлары жумысының нәтийжелилигин асырыў мәселелерин илимий тийкарланған тәризде үйрениў ушын Бажыхана комитети қурамында Сыртқы экономикалық жумыс илимий орайы шөлкемлестириледи.

✔️2026-жыл 1-январьға шекем Бажыхана институтында төмендеги мәлимлеме системалары енгизиледи:

▪️билимлендириў процесслерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў бойынша "Билимлендириў менеджменти" автоматластырылған мәлимлеме системасы;

▪️профессор-оқытыўшылар жумысының нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў бойынша "Нәтийжелиликти баҳалаў" модули;

▪️бажыхана уйымлары хызметкерлериниң маманлығын арттырыў бойынша "Малака" автоматластырылған мәлимлеме системасы.

✔️2025/2026 оқыў жылынан:

🔸бакалавриатта дуал тәлим тийкарында оқытыў жолға қойылады;

🔸магистратурада төлемли-контракт тийкарында тәлим мүддети еки жыл болған сыртқы тәлим түри енгизиледи.

✔️2025-жыл 1-июльден қамсызландырыў шөлкемлери менен бажыхана уйымлары мәлимлеме системаларын өз-ара интеграция еткен ҳалда шегара арқалы ҳәрекетленип атырған автотранспорт қуралы ийесиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў механизми жолға қойылады. Бунда:

🔹бажыхана постына кирип келген автотранспорт қуралы ийесиниң пуқаралық жуўапкершилиги ҳаққында қамсызландырыў полисин рәсмийлестириў бажыхана уйымларының мәлимлеме системалары арқалы әмелге асырылады;

🔹Бажыхана комитетиниң тийисли бағдарламалары Перспективалы жойбарлар миллий агентлигиниң Бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме системасына интеграцияланады;

🔹шет мәмлекетлерде дизимнен өткерилген автотранспорт қуралларын бажыхана рәсмийлестириўинен өткериў пуқаралық жуўапкершилиги ҳаққында қамсызландырыў полиси бар болғанда әмелге асырылады.

️📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 11:33
t.me/huqiqiymalimleme/9430
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
429
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Товар, транспорт қураллары, шахслардың қәўип дәрежелерине қарай бажыхана қадағалаўы формалары қолланылады

️⚠️Қарарға тийкар, товарлар рәсмийлестирилиўи процессинде бажыхана уйымларының "Қәўиплерди басқарыў" мәлимлеме системасы төмендеги жоллар кесиминде товар, транспорт қураллары, шахслардың қәўип дәрежелери ҳәм де оларға қолланылатуғын бажыхана қадағалаўы формалары ҳәм көлемин белгилейди:

🟢"жасыл коридор"да қәўип дәрежеси төмен белгиленеди ҳәм бажыхана қадағалаўы формалары қолланылмайды (товарлар шығарып жиберилгеннен кейинги бажыхана қадағалаўы буған кирмейди). Онда "жасыл" коридорға бағдарланған товарлар автоматикалық түрде рәсмийлестириледи;

🟡"сары коридор"да қәўип дәрежеси орташа белгиленеди ҳәм бажыхана қадағалаўының бир ямаса бир неше түрлери қолланылады (бажыхана ҳәм жеке тексериў буған кирмейди);

🔴"қызыл коридор"да қәўип дәрежеси жоқары белгиленеди ҳәм бажыхана қадағалаўының бир ямаса бир неше түрлери қолланылады;

🔵"көк жол"да бажыхана қадағалаўы формалары товар ҳәм транспорт қураллары шығарып жиберилгеннен соң әмелге асырылады.

✔️2025-жыл 1-октябрьден товарларды алып кириў, алып шығыў ҳәм транзит алып өтиў бойынша барлық сертификат, жуўмақ ҳәм рухсат етиў характерине ийе ҳүжжетлер тек ғана "Бир айна" бажыхана мәлимлеме системасы арқалы рәсмийлестириледи.

📝2026-жыл 1-сентябрьден Бажыхана комитети тәрепинен сыртқы экономикалық жумысты әмелге асырыўда барлық қатнасыўшылар ушын қолайлы болған тәртип-қағыйдаларды, соның ишинде, логистика хызметлерин өз ишине алған мәлимлеме платформасы енгизиледи.

✔️Буннан тысқары, логистика ушын қолайлы шегара өткериў пунктлерине тутас аймақларда бажыхана терминаллары қурылады.

❇️️Сондай-ақ, бирдей товарларға бир сыртқы саўда шәртнамасы (контракт) шеңберинде фитосанитариялық қәўпи төмен болған карантин астындағы өнимлер ушын карантин рухсатнамалары, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы объектлерин, озон жемириўши затлар ҳәм олардан қуралған өнимлерди алып кириў ҳәм алып шығыў ушын ветеринар рухсатнамалар, муўапықлық сертификаты, гигиеналық ҳәм экологиялық сертификатлар 1 календарь жылдан аспаған мүддетке 1 мәрте усынылады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 11:23
t.me/huqiqiymalimleme/9429
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
482
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Аўыл хожалығында жерден пайдаланыў нәтийжелилиги асырылады

"Аўыл хожалығында жерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм өним жетистириў көлемин көбейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-131-санлы, 28.03.2025 ж.) қабыл етилди.

🔰Қарарға көре, барлық түрдеги аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди ижараға бериўде 2025-жыл 11-марттан төмендеги тәртиплер енгизиледи:

🔹электрон онлайн аукцион саўдасын өткериў ҳаққындағы хабарды жәриялаў мүддети 15 күннен 5 күнге, қайта саўдаларда - 5 күннен 1 күнге қысқартылады;

🔹қайта саўдаларда тек ғана бир талапкерден арза келип түскен жағдайда, оған усы саўдаларда жәрияланған баҳада лотты ықтыярый сатып алыў усыныс етиледи;

🔹ҳәр қайта саўдада лот баҳасы 10 проценттен басқышпа-басқыш басланғыш баҳасының 20 процентине шекем түсириледи.

🗓 2025-жыл 1-апрельден аукцион саўдаларында жер участкасына ижара ҳуқықын алыў ушын төлемлерди бөлип-бөлип төлеў ҳәм төлем толық төленгенде шегирме бериў тәртиби бийкар етиледи, усы төлемлер 15 жумыс күни ишинде толық төлениўи шәрт екенлиги белгиленди.

✳️ ️2025-2026-жылларда аукцион саўдаларына шығарылатуғын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер жәми майданының орташа 10-20 проценти шарўа ушын азықлық егинлерин егиў шәрти менен саўдаға шығарылады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 11:13
t.me/huqiqiymalimleme/9428
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
495
#2025_жыл_1_апрельден

️❇️Нызамшылыққа көре, пуқараларды медициналық-социаллық экспертиза комиссиясы (кейинги орынларда - МСЭК) көриўине жибериў ушын зәрүр болған әмелдеги емлениў мүддетлери бойынша талап бийкар етиледи ҳәм де ҳәр бир кеселликтиң кешиўи ҳәм түринен келип шығып өз алдына белгиленеди.

🔴Сондай-ақ, МСЭК тәрепинен кәсипке, спортқа ҳәм билимлендириўге усыныс бериў тәртиби бийкар етиледи ҳәм де МСЭКтиң ўақтынша мийнетке жарамсызлық бетиниң мүддетин созыў ҳәм де арнаўлы үскенеленген транспорт қуралын басқарыў қәбилетин анықлаўға байланыслы функциялары мәмлекетлик медицина мәкемелерине өткерилиўи арқалы сапластырылады;

✔️Буннан тысқары, 18 жастан үлкен шахсларға майыплықты белгилеўде майыплықтың мүддети, себеби, медициналық реабилитация илажлары, сондай-ақ, протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитациялаўдың техникалық қуралларына мүтәжлигине байланыслы мағлыўматлар "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасында қәлиплестириледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 10:53
t.me/huqiqiymalimleme/9427
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
437
#2025_жыл_1_апрельден #Ҳаял_қызлар_ҳуқықы

🔖Нызамшылыққа көре, Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлар ушын "Социаллық дәптерлер" қорлары арқалы қоллап-қуўатлаўдың жаңа инструментлери енгизиледи.

✔️Атап айтқанда, кеминде 3 ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм халықтың басқа мүтәж категориялары бәнтлиги ҳәм де социаллық белсендилигин тәмийинлеўге қаратылған социаллық жойбарларды қаржыландырыў ушын тийислисинше "Ҳаяллар дәптери", "Жаслар дәптери" ҳәм "Сақаўат ҳәм көмек" қорлары есабынан БЕМның 60 есесине шекемги муғдарда грантлар ажыратыў белгиленген.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 10:43
t.me/huqiqiymalimleme/9426
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
414
#2025_жыл_1_апрельден

🔖Нызамшылыққа көре, Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлар ушын "Социаллық дәптерлер" қорлары арқалы қоллап-қуўатлаўдың жаңа инструментлери енгизиледи.

🔰Атап айтқанда, "Жаслар дәптери" қоры есабынан майыплығы болған жасларға параспорт дөгереклерине қатнасыўы ушын жол ҳақы қәрежетлерин ҳәр айда БЕМның 1 есесине шекемги муғдарда қаплап бериў белгиленген.

📝Бунда майыплығы болған жаслардың параспорт дөгереклерине қатнасыўы Спорт министрлигиниң "ERP-sport" мәлимлеме системасы арқалы мониторинг етип барылады.

✔️Сондай-ақ, қор есабынан 6 ай даўамында турақлы рәўиште спорт ҳәм көркем өнер дөгереклерине қатнасып атырған жаслар ушын баҳасы БЕМның 10 есесинен аспайтуғын арнаўлы спорт формасы, инвентарь, музыка ҳәм саз әсбапларын сатып алыў ушын қаржылар ажыратылады .

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 10:37
t.me/huqiqiymalimleme/9425
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
464
#Әдиллик_хабары

❗️Қорғаныў ҳәм әскерий хызмет тараўында нызамшылық системаластырылмақта!

️🔰Әдиллик министрлиги жанындағы Нызамшылықты таллаў ҳәм тәртипке салыў тәсирин баҳалаў институты Қорғаныў министрлиги менен биргеликте қорғаныў ҳәм әскерий хызмет тараўындағы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди таллады.

️ 📄30 дан аслам ҳүжжетлерди бийкарлаў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

📌 Нәтийжеде:

✅ 32 өз әҳмийетин жоғалтқан норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер анықланды.

✅ Усы ҳүжжетлерди бийкарлаў бойынша жойбары ислеп шығылып, Ҳүкиметке киргизилди.

✅ Ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи қорғаныў ҳәм әскерий хызмет тараўында тәртипке салыў жүгин 18% ке кемейтиўге хызмет етеди.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 10:23
t.me/huqiqiymalimleme/9424
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
390
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Бажыхана тараўында жасалма интеллект технологиялары енгизиледи

"Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин буннан былай да жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-122-санлы, 25.03.2025 ж.) қабыл етилди.

🔰Қарарға муўапық, 2025-жылда бажыхана тараўын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди:

🔸 тараўға жасалма интеллект технологияларын енгизиў;

🔸бажыхана органлары мәлимлеме системаларын жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў;

🔸бажыхана органлары шөлкемлестириў структураларын оптималластырыў.

️❇️Бажыхана комитети системасында Бажыхана рәсмийлестириўи орайы шөлкемлестириледи. Онда аймақлық басқармалардың аралықтан электрон декларациялаў бажыхана постлары басқышпа-басқыш сапластырылады.

✔️Бажыхана комитети қурамында бажыхана тараўына жасалма интеллект технологияларын енгизиўге қәнигелескен структура шөлкемлестириледи. Структураның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди. Соннан:

▪️жасалма интеллект технологиялары тараўында алдынғы сырт мәмлекетлердиң тәжирийбелерин үйрениў;

▪️бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўин қамтып алған жасалма интеллект технологияларын изертлеў, олардың нәтийжели ислеўин тәмийинлеў ҳәм де турақлы түрде сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў илажларын көриў.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 10:08
t.me/huqiqiymalimleme/9423
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
352
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️"Эл-юрт умиди" қоры арқалы сырт елде билим алғанлар таңлаўсыз жумысқа алынады

⚡️Пәрманға көре, 2025-жылдан "Эл-юрт умиди" қорының жаңа стипендия бағдары сыпатында "Жарқын талант" жойбары енгизиледи.

🔘Бунда төмендегилер нәзерде тутылады:

▪️ҳәр жылы қәбилетли, билимге қуштар, аўыр шаңарақлық шараяты себепли оқыў имканиятына ийе болмаған кәмбағал шаңарақлар перзентлерин сырт елде оқытыў мақсетинде ҳәр бир мәҳәлледен белсенди жасларды таңлап алыў;

▪️таңлап алынған жаслардың талантын анықлаў арқалы оларды потенциалына сәйкес сырт ел жоқары оқыў орынларына жибериў ушын таярлық курсларында оқытыў;

📜"Эл-юрт умиди" қорына усы жылы "Жарқын талант" жойбары ушын 300 миллиард сўм ажыратылады.

✔️"Эл-юрт умиди" қоры арқалы сырт мәмлекетлерде билим алып қайтқан стипендиатлар миллий кадрлар резервине тиккелей киргизиледи ҳәм де олар мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм мәкемелерине таңлаўсыз жумысқа алынады.

🗓 2025-жыл 1-июньнан:

🔹абырайлы халықаралық рейтинг шөлкемлериниң жоқары 100 дизимине киргизилген сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлеринде илимий дәреже (PhD ҳәм оған теңлестирилген басқа илимий дәреже) алған 35 жасқа шекемги қәнигелерге турақ жай сатып алыў ушын турақ жай жайласқан аймақтан келип шығып, он жыл мүддетке БЕМның 2 150 есесине шекемги муғдарда процентсиз ссуда ажыратылады;

🔹абырайлы халықаралық пән олимпиадалары жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине төленетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлықтың әмелдеги муғдарлары 5 есеге арттырылады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 10:02
t.me/huqiqiymalimleme/9422
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
362
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Бажыхана уйымлары жумысының нәтийжелилиги арттырылады

"Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумысы нәтийжелилигин арттырыў бойынша ис-илажлар ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-57-санлы, 25.03.2025 ж.) қабыл етилди.

🔰Пәрманға тийкарланып, мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары жумыс нәтийжелилигин арттырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери төмендегилер етип белгиленди:

▪️2030-жылға шекем Жәҳән банкиниң Логистика нәтийжелилиги индексинде (LPI) бажыхана рәсмийлестириўи нәтийжелилиги көрсеткиши бойынша Өзбекстан Республикасының орнын 55-пәнеден төмен болмаған дәрежеге көтериў;

▪️2026-жылға шекем бажыхана декларацияларын инсан факторысыз рәсмийлестириў үлесин 2 есеге арттырыў;

▪️2028-жылға шекем бажыхана тексериўин 21 проценттен 15 процентке түсириў;

▪️2030-жылға шекем жасалма интеллект элементлеринен пайдаланған тәризде қәўипти басқарыў системасы нәтийжелилигин 2 есеге арттырыў.

️❇️ Сыртқы экономикалық жумыста төмендеги қолайлықлар жаратылады:

✔️2025-жыл 1-июльдан:

🔸ветеринария ҳәм фитосанитария тараўында сыртқы саўда жүклерине тийисли ҳәр қандай ҳүжжетлерге мөр ҳәм штамп басыў ҳәм оларды жазба түрде дизимге алыў әмелияты бийкар етиледи, барлық тәртип-қағыйдалар усы ҳүжжетлерди электрон түрде тастыйықлаў арқалы әмелге асырылады (товарлар експортында халықаралық шәртнамаларда қатаң белгиленген жағдайлар буған кирмейди).

✔️2025-жыл 1-сентябрьден:

🔸Исбилерменлик субъектлерине бажыхана төлемлери ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи ушын басқа түрдеги төлемлерди республиканың қәлеген аймағынан әмелге асырыў имканияты жаратылады, буның ушын бирден-бир ғазна есап бети ашылады.

✔️2025-жыл 1-декабрьден:

🔸бажыхана аймағында ямаса аймағынан сыртта қайта ислеў режимлеринде бажыхана жүк декларацияларын әпиўайыластырылған тәртипте рәсмийлестириў имканиятын беретуғын "Толлинг операциялары" модули әмелиятқа енгизиледи.

✔️2025-жыл 1-ноябрьден:

🔸ѳткериў пунктлери арқалы ҳәрекетленип атырған жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде жолаўшы бажыхана декларациясының мобил қосымшасы әмелиятқа енгизиледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 10:02
t.me/huqiqiymalimleme/9421
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
376
#2025_жыл_1_апрелден

🔖Нызамшылыққа көре, Самарқанд ҳәм Ташкент қалаларында эксперимент түринде аутсорсинг тийкарында Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген бағыўшысын жоғалтқан толық болмаған шаңарақлар, мийнетке жарамлы ағзасы болмаған шаңарақлар, еки ҳәм оннан артық майып ағзалары бар шаңарақлардағы өзгелер күтимине мүтәж шахсларға күндизги қатнаў тийкарында қарап турыў хызмети көрсетиледи.

❇️️Сондай-ақ, социаллық жетимликтиң алдын алыў, жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға индивидуал қатнас тийкарында шаңараққа жақын орталықта ғамхорлық көрсетиў ҳәм де тәрбиялаў хызметин көрсетиў мақсетинде мәҳәллелерде шаңарақ түриндеги киши көлемли балалар үйлери шөлкемлестириледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 10:00
t.me/huqiqiymalimleme/9420
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
400
#2025_жыл_1_апрельден

🔖Нызамшылыққа көре, ҳәр айда 1 аймақта "Инвестор күнлери"н шөлкемлестириў белгиленген.

✔️Бунда аймақтағы жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў бағдарламалары да жолға қойылады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 09:56
t.me/huqiqiymalimleme/9419
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
502
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️"Жоқары бас командир" мәмлекетлик стипендиясы енгизиледи

✔️Пәрманға муўапық, 2025/2026 оқыў жылынан:

🔶жоқары әскерий билимлендириў мәкемелериниң үлгили курсантлары (студентлери) ҳәм тыңлаўшылары ушын "Жоқары бас сәркарда" мәмлекетлик стипендиясы енгизиледи;

🔶оқыўшылар арасында инженерлик-ойлап табыўшылық бағдарында олимпиадалар өткериў жолға қойылады. Онда жеңимпаз болған питкериўши жаслар мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң олимпиада бағдарына сәйкес ҳәм түрлес билимлендириў бағдарларына имтиханларсыз қосымша мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етиледи.

✔️Буннан тысқары, жасларды илимге қызықтыратуғын, тәрбиялық әҳмийетке ийе ҳәм улыўма миллий қәдириятларды қәлиплестириўге хызмет етиўши миллий медиа контентлер жаратыў ҳәм де ең жақсы интеллектуал шоуларды шөлкемлестириў ушын 100 миллион сўмға шекем грантлар ажыратылады.

🟢Сондай-ақ, жасларда тәбиятқа муҳаббат сезимин оятыў, қоршаған орталықты қорғаўға қаратылған жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын Жаслар ислери агентлиги жанында юридикалық шахс статусына ийе болмаған "Жасыл басламалар"ды қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестириледи. Бул қор 10 миллиард сўмға шекемги муғдарда қәлиплестириледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 09:49
t.me/huqiqiymalimleme/9418
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
2
650
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Креатив парк резидентлерине салық жеңилликлери бериледи

"Өзбекстан Республикасы Президентиниң жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-61-санлы, 26.03.2025 ж.) қабыл етилди.

✔️Пәрманға көре, креатив индустрия парки аймақларда оның филиаллары ҳәм оларда креатив тараў ўәкиллерин оқытатуғын бизнес мектеплери шөлкемлестириледи.

✔️2025-жыл 1-майдан 2031-жыл 1-январьға шекем креатив парк резидентлерине төмендеги салық жеңилликлери енгизиледи:

🔸социаллық салықты ҳәм де физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын 50 процент пәсейтилген ставкада төлейди;

🔸товарларды (жумысларды, хызметлерди) реализациялаўдан алынған дәрамат муғдарына қарамастан айланыстан алынатуғын салық төлеўшилер категориясына киргизиледи. Онда олар өз қәлеўине муўапық улыўма белгиленген салық салыў тәртибине өтиўи мүмкин.

❇️ Буннан тысқары, шет тиллер бойынша кеминде С1 дәрежедеги миллий ямаса оған теңлестирилген сәйкес дәрежедеги халықаралық тән алынған сертификатты алғанына 2 жылдан аспаған жасларға алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақларда шет тиллерге қәнигелескен оқыў орайларын ашыў ушын 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен 3 жыл мүддетке БЕМның 320 есесине шекемги муғдарда процентсиз ссуда бериледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 09:24
t.me/huqiqiymalimleme/9417
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
#Билесизбе

️❗️Нызамшылыққа көре, айлық (ис ҳақы) төленетуғын күн дем алыс күнине ямаса исленбейтуғын байрам күнине туўры келип қалғанда ис ҳақы усы күнлер қарсаңында төлениўи керек.

▶️ Айлық алыў ўақты кешиктирилсе кешиктирилген ҳәр бир күн ушын Орайлық банк қайта қаржыландырыў ставкасының 10 проценти муғдарында компенсация төлениўи керек.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 09:19
t.me/huqiqiymalimleme/9416
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Ғалабалық тәртипсизликлер ислеў мақсетинде оқыўдан өткенлик ушын жуўапкершилик белгиленди

Нызам менен Жынаят кодексине өзгерис киргизилди (ӨРН-1051, 27.03.2025 ж.)

✔️Нызам менен Жынаят кодексиниң 244-статьясына ғалабалық тәртипсизликлер ислеў мақсетинде оқыўдан өткенлик ҳәм де усы жумысты қаржыландырғанлық ушын жуўапкершиликти белгилеўши өзгерис киргизиў нәзерде тутылмақта.

🔴Нызамға көре, шахстың ғалабалық тәртипсизликлерди ислеў мақсетинде оқыўдан өтиўи, соның ишинде ғалабалық тәртипсизликлерди ислеў билимлерин, әмелий көнликпесин ҳәм көнликпелерин ийелеўи, оқыў ўақтында қурал-жарақ, жарылыў қурылмалары, жарылыўшы, зәҳәрлеўши, әтираптағылар ушын қәўип туўдыратуғын басқа да затлар ҳәм буйымлар менен ҳәрекетлениў усылларын үйрениўи -

🔸БЕМның 300 есесинен 600 есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса 3 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса 5 жылдан 7 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланыўы белгиленди.

❇️Сондай-ақ, бул жынаятты ислеген шахс, егер ол оқыўдан өткени ҳаққында ҳәкимият уйымларына ықтыярлы түрде хабар берсе, исленген жынаятты ашыўға ямаса бундай оқыўдан өткен, оқыўды әмелге асырған, шөлкемлестирген ямаса қаржыландырған басқа да шахсларды, сондай-ақ, оқыў өткерилген орынды анықлаўға белсене жәрдем берсе ҳәм егер оның ҳәрекетлеринде жынаяттың басқа қурамы болмаса, жынайый жуўапкершиликтен азат етилетуғыны белгиленди.

📌 Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 09:18
t.me/huqiqiymalimleme/9415
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Ғалабалық тәртипсизликлер ислеў мақсетинде оқыўдан өткенлик ушын жуўапкершилик белгиленди

Нызам менен Жынаят кодексине өзгерис киргизилди (ӨРН-1051, 27.03.2025 ж.)

✔️Нызам менен Жынаят кодексиниң 244-статьясына ғалабалық тәртипсизликлер ислеў мақсетинде оқыўдан өткенлик ҳәм де усы жумысты қаржыландырғанлық ушын жуўапкершиликти белгилеўши өзгерис киргизиў нәзерде тутылмақта.

🔴Нызамға көре, шахстың ғалабалық тәртипсизликлерди ислеў мақсетинде оқыўдан өтиўи, соның ишинде ғалабалық тәртипсизликлерди ислеў билимлерин, әмелий көнликпесин ҳәм көнликпелерин ийелеўи, оқыў ўақтында қурал-жарақ, жарылыў қурылмалары, жарылыўшы, зәҳәрлеўши, әтираптағылар ушын қәўип туўдыратуғын басқа да затлар ҳәм буйымлар менен ҳәрекетлениў усылларын үйрениўи -

🔸БЕМның 300 есесинен 600 есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса 3 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса 5 жылдан 7 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланыўы белгиленди.

❇️Сондай-ақ, бул жынаятты ислеген шахс, егер ол оқыўдан өткени ҳаққында ҳәкимият уйымларына ықтыярлы түрде хабар берсе, исленген жынаятты ашыўға ямаса бундай оқыўдан өткен, оқыўды әмелге асырған, шөлкемлестирген ямаса қаржыландырған басқа да шахсларды, сондай-ақ, оқыў өткерилген орынды анықлаўға белсене жәрдем берсе ҳәм егер оның ҳәрекетлеринде жынаяттың басқа қурамы болмаса, жынайый жуўапкершиликтен азат етилетуғыны белгиленди.

📌 Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
7.04.2025, 09:18
t.me/huqiqiymalimleme/9414
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
6
902
❗️Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы

🏢Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен апрель айы “Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы” деп жәрияланды.

📣Айлық шеңберинде:
➖билимлендириў орынларында ҳәм мийнет жәмәәтлеринде коррупциялық ҳуқықбузарлықлар ҳәм мәплер соқлығысыўының алдын алыўға қаратылған үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылады;
➖“Билесизбе” хеш теги менен қызықлы материаллар, постлар, видеороликлер таярланады;
➖коррупцияның алдын алыўға қаратылған тәсиршең видеороликлер социаллық тармақлар ҳәм халық кѳп жыйналатуғын орынларда мониторларға жайластырылады.

📌Толық мағлыўматлар менен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң социаллық тармақлардағы каналлары арқалы бақлап барыўыңыз мүмкин
“ @huqiqiymalimleme”
“@KRAdillikMinistrligi”

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
4.04.2025, 16:34
t.me/huqiqiymalimleme/9413
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
632
#Билесизбе

❗️Нызамшылыққа көре, айлық (ис ҳақы) төленетуғын күн дем алыс күнине ямаса исленбейтуғын байрам күнине туўры келип қалғанда ис ҳақы усы күнлер қарсаңында төлениўи керек.

▶️ Айлық алыў ўақты кешиктирилсе кешиктирилген ҳәр бир күн ушын Орайлық банк қайта қаржыландырыў ставкасының 10 проценти муғдарында компенсация төлениўи керек.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
31.03.2025, 11:14
t.me/huqiqiymalimleme/9412
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
644
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Имам Мотуридийдиң туўылған күни кеңнен белгиленеди

Дерек: ПҚ-102, 14.03.2025 жыл.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
31.03.2025, 11:03
t.me/huqiqiymalimleme/9411
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
Репост
2
412
#Адлия_табриги

Азиз юртдошлар!

Барчангизни шукроналик, саховат ва меҳр-оқибат айёми – Рамазон ҳайити билан самимий муборакбод этамиз.

Юртимизда тинчлик ва хотиржамлик бардавом, адолат ҳамиша барқарор бўлсин!

Ҳурмат билан Адлия вазирлиги жамоаси

Каналга уланиш👇👇👇
https://t.me/huquqiyaxborot
30.03.2025, 06:59
t.me/huqiqiymalimleme/9410
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
707
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️"Чемпион" исбилерменлер дизимине киргизиў критериялары белгиленди

⚠️️Пәрманға көре, Қарақалпақстан Республикасында төмендегилер жолға қойылады:

🔷2025-жыл 1-июльға шекем юридикалық тәреплерге онлайн режимде микрокредит ажыратыў процесслерин әпиўайыластырыў ҳәм оларды жедел тастыйықлаў механизмлери;

🔷киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў комплексли бағдарламасы шеңберинде Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестринде турған жумыссыз пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеген киши ҳәм орта бизнес субъектлерине усы пуқаралар ушын шөлкемлестирилген ҳәр бир жумыс орнына қосымша рәўиште 10 миллион сўмнан, 10 ҳәм оннан көп усындай жумыс орынларын шөлкемлестирген субъектлерге 100 миллион сўмға шекем 3 жылға шекемги мүддетке жыллық 14 процент ставкада айланба қаржыларды толтырыў ушын кредит ажыратыў әмелияты.

🔰Программа шеңберинде "чемпион" исбилерменлерге айландырылатуғын шөлкемлер дизими қәлиплестирилип, оған төмендеги критерияларға жуўап беретуғын исбилерменлик субъектлери киргизиледи:

🔸район (қала) дәрежесинде - ҳәр бир районда (қалада) кеминде 2 ден жыллық айланысы 10 миллиард сўмнан жоқары болған ҳәм 50 ден аслам жумыс орнын жаратқан исбилерменлик субъектлери;

🔸Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында - ҳәр бир аймақта кеминде 5 ден жыллық айланысы 100 миллиард сўмнан жоқары болған ҳәм 500 ден аслам жумыс орнын жаратқан исбилерменлик субъектлери;

🔸республика дәрежесинде - жыллық айланысы 1 триллион сўмнан жоқары болған ҳәм 5 мыңнан аслам жумыс орнын жаратқан исбилерменлик субъектлери.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
28.03.2025, 14:18
t.me/huqiqiymalimleme/9409
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
535
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️"Биринши имканият" принципи шеңберинде айырым тараўлардағы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты биринши мәрте ислеген киши исбилерменлик субъектлери ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиледи.

️⚠️Пәрманға көре, 2025-жыл 1-июльдан:

🔸2028-жыл 1-январьға шекем киши ҳәм орта бизнес субъектлерине жаңа миннетлемелер жүклениўин нәзерде тутатуғын норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиўге мораторий жәрияланады;

🔸исбилерменлик субъектлерине жаңа тәртипке салыў қуралларын белгилеўди ямаса әмелдегилерин күшейтиўди нәзерде тутатуғын норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге "бирден-бир сәнеден жаңа қағыйдалар" принципи қолланылады ҳәм бул нормалардың күшке кириў сәнеси 1-январь ямаса 1-июль етип белгиленеди;

🔸2028-жыл 1-январьға шекем "Биринши имканият" принципи енгизиледи ҳәм оның шеңберинде биринши жумыс жылы даўамында саўда ҳәм исбилерменлик тараўларына байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты биринши мәрте ислеген киши исбилерменлик субъектлери ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиледи.

✔️2025-жыл 1-сентябрьден баслап төмендеги критерияларға бир ўақыттың өзинде жуўап бериўши киши ҳәм орта бизнес субъектлериниң жумысын ықтыярый рәўиште сапластырыўда салық тексериўи өткерилмейди:

🔹соңғы үш жылда товарларды (хызметлерди) реализациялаўдан алынған жәми дәрамат 10 миллиард сўмнан аспаған;

🔹бюджет ҳәм кредиторлар алдында қарыздарлығы жоқ ҳәм турақлы тәризде салық есабатларын усынатуғын;

🔹"Қәўип-қәтерди таллаў" электрон системасында ҳуқықбузарлық ислеў қәўпи төмен дәрежеде классификацияланған.

✔️Сондай-ақ, Экономика ҳәм финанс министрлиги мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған коммерциялық банклер ҳәм де венчур фондлары менен биргеликте 2026-жыл 1-апрельге шекем сырт елден 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларды тартыўы белгиленген.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
28.03.2025, 13:53
t.me/huqiqiymalimleme/9408
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
1
448
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Айырым исбилерменлерге гиреўсиз кредитлер бериледи

"Киши ҳәм орта бизнестиң экономикадағы орнын арттырыў илажлары ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-50, 19.03.2025 ж.) қабыл етилди.

✅ Пәрманға көре, 2025-жылда киши ҳәм орта бизнести раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди, соның ишинде:

🔸киши ҳәм орта бизнестиң жалпы ишки өнимдеги үлесин 55 процентке, санаатта - 34 процентке, экспортта - 34 процентке ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде 75 процентке жеткериў;

🔸 кеминде 600 киши ҳәм орта бизнес субъектлериниң кеңейиўине жәрдемлесиў арқалы оларды "чемпион" исбилерменлерге айландырыў;

🔸100 ден аслам жумысшысы бар исбилерменлик субъектлери санын 4 мыңға жеткериў.

✔️ 2025-жыл 1-майдан:

🔹өзин-өзи бәнт еткен шахсларды Жеке тәртиптеги исбилермен ямаса юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилгенде, мәмлекетлик бажы өндирилмейди;

🔹өз жумысын сәйкес түрде Жеке тәртиптеги исбилермен, микрофирма ямаса киши кәрхана категориясына шекем кеңейттирген өзин-өзи бәнт еткен шахслар ҳәм исбилерменлерге Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 50 миллион сўмға шекем, Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў комплекс бағдарламасы шеңберинде - 150 миллион сўмға шекем гиреўсиз кредитлер бериледи;

🔹өз жумысын сәйкес түрде орта ямаса ири бизнес категориясына шекем ирилестирген исбилерменлерге - 1 жыл даўамында ҚҚС муғдарын орнын қаплаў (қайтарыў) 7 күн мүддетте тезлестирилген тәртипте әмелге асырылады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
28.03.2025, 13:23
t.me/huqiqiymalimleme/9407
HU
Huqıqıy málimleme QR ️️
5 741 подписчик
3
398
28.03.2025, 13:17
t.me/huqiqiymalimleme/9404
Результаты поиска ограничены до 100 публикаций.
Некоторые возможности доступны только премиум пользователям.
Необходимо оплатить подписку, чтобы пользоваться этим функционалом.
Фильтр
Тип публикаций
Хронология похожих публикаций:
Сначала новые
Похожие публикации не найдены
Сообщения
Найти похожие аватары
Каналы 0
Высокий
Название
Подписчики
По вашему запросу ничего не подошло