Your trial period has ended!
For full access to functionality, please pay for a premium subscription
Message
ZI
ZIYA NURÍ
8 743 subscribers
6
16
2.8 k
#аўызбиршиликли_жәмийет
#бирдам_жамият

Жас жеңимпаз футболшыларға.

Көкке көтердиңиз  елдиң байрағын,
Әўмет кулип, оңнан туўды айларың,
Путкил Азияны дурилдеттиңиз,
Қутлы болсын бугин жеңис  байрамың!

Тақым қысып отырып әрманладым,
Табан жолға тарысқан тарланларым,
Ар намысқа жаныңды жегип алған,
Жеңислериң  мубәрек  палўанларым!

Қуўаныштан толып тасты журегим,
Намыслы жигитлер-елден ерегим,
Шер журекли, қайтпас қайсар минезли,
Ҳәр бириңиз арқа сүйер тирегим.

Қуўандырар бийикте турғанларың,
Жеңис ушын жәўланды урғанларың,
Биргелесип уллы кушке айландыңыз,
Өзбек ҳәм қарақалпақ уғланларым!

Тоғыз жигит бир тән, бир жан болдыңыз,
Куш, жигерди  жоқ жеринен жондыңыз,
Қуўандырып путкил Өзбекстанды,
Әне, буркит шоққысына қондыңыз!

Өзбек ҳәм қарақалпақ уғланларым!

✍️ Гулистан Даўлетова.

Қарақалпақстан халық шайыры.
21. 04 2025 жыл.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың: 👇
Телеграм | Инстаграм | Фейсбук
04/23/2025, 08:30
t.me/ziya_nuri/1434
Similar message chronology:
Newest first
Similar messages not found