#Дыққат_Дыққат_таңлаў!
📚 Ҳүрметли Китапқумар жаслар!
Усы жылдыӊ 2-апрель сәнесинен баслап Республикалық Руўхыйлық ҳǝм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими «Ҳәр айға бир китап» атамасындағы китапқумарлар таӊлаўына старт береди.
Бул таӊлаўды өткериўден мақсет халықымыз, әсиресе, жаслар арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў, бос ўақтын мазмунлы өткериў, соныӊ менен бирге китап сүйер жасларды хошеметлеп барыў.
«Ҳәр айға бир китап» таӊлаўына қатнасыўшылар ушын жас шегарасы шекленбеген барлық ϴзбекстан пуқаралары қатнасыўы мүмкин.
Таӊлаў 2-апрелден баслап, 30-апрелге шекем ҳәр айда 1 басқышта өткерилип, 30-апрель күни белгиленген ўақыт ишинде @Mnwtesty_bot телеграмм боты арқалы 40 сораўдан ибарат тест шешиледи.
Бунда;
Төлепберген Каипбергеновтыӊ “Маманбий” әпсанасынан тест алынады.
Барлық сораўларға толық жуўап берген, еӊ жоқары балл топлаған 10 қатнасыўшы жеӊимпаз деп табылып, сол күни Республика Руўхыйлық ҳǝм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен мүнәсип сыйлықланады.
Жеңимпазлар сол күни Республика Руўхыйлық ҳǝм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиӊ @QR_ruwxiyliq ҳәм @ziya_nuri телеграм каналлары арқалы жәрияланып барылады.
Бул таӊлаў усы жыл жуўмағына шекем шөлкемлестириўшилер тәрепинен таӊланған шығармалар бойынша ҳәр айдыӊ басында дағазаланып барылады.
Еслетип өтемиз, барлық қатнасыўшылар белгиленген китапларды оқып барыўы шарт.
☎️ Мағлыўмат ушын телефонлар:
(61) 224-12-61
(97) 655-66-20
(97) 220 20 88
(93) 369 39 69
Ҳүрметли китапқумар жаслар ҳәм әзиз Ўатанласлар бәршеӊизди «Ҳәр айға бир китап» таӊлаўына белсене қатнасыўға шақырып қаламыз. Таӊлаўда қатнасыӊ ҳәм қымбатбаҳалы саўғалардыӊ бирине ийе болыӊ!
Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың: 👇
Телеграм |
Инстаграм |
Фейсбук