Нөкис нәтийжелер менен Халық тилине түспекте
Президент админстрациясы тәрепинен дүзилген исши топар ағзалары қатнасыўында пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған қала ҳәкимлигинде ушрасыў болып өтти.
Ушырасыўға Халық қабыллаўханасы, министрликлер, шөлкемлер ҳәм уйымлар, тараўға байланыслы кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары қатнасты.
Онда мүрәжатлар менен ислесиў процесин жетилистириў, мүрәжатларды өз ўақтында көрип шығыў, ҳәр бир пуқараның мүрәжатына айрықша итибар қаратыў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, мүрәжатларды қабыл етиў ҳәм оларды таллаў процесслеринде заманагөй мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў, электрон мүрәжатлар платформасы арқалы ашық-айдынлық ҳәм оперативликти тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, ушырасыў даўамында Нөкис қаласы "Тынышлық" МПЖ аймағында абаданластырыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўде мүнәсип хызмет еткен Өзбекстан мәҳәллелери аўқамының тийисли буйрығына тийкар, қала ҳәкимниң орынбасары Д.Қутлымуратова ҳәм қаламыздағы "Тынышлық" МПЖ ўўа Р.Сәрсенбаевалар "Маҳалла ифтихори" көкирек белгиси менен сыйлықланды.