Социаллық тармақлардың биринде жолланған мүрәжат тийкарында үйрениў жумыслары алып барылды.
Усы жылдың 22-апрель күни Нөкис қаласы "Жолшылар" МПЖ турғыны Б.Утамбетова социаллық тармақлардың бирине шаңарағының аўыр жағдайда екенлиги ҳәмде шиферланбағанлығы себепли турақ жайының 5-бөлмесиниң төбеси түсип кеткенлиги ҳаққында видео мүрәжат жолланған.
Бирақта, бул хожалықтың төбесиниң түсип кеткенлиги шиферланбағанлықтан емеслиги мәлим болып, қоңсысы А.Т үйин оңлаў пайытында абайсызлықтан Б.Утамбетованың усы 5-бөлмесине зәлелин тийгизген, деген менен қоңсысы бәрше материаллық зыянларды қаплап оңлап берген. (қосымша фото сүўретлерде)
Бул шаңарақта Б.Утамбетованың күйеўи Д.Орынбаев темирши болып, қол ушы талап етип халқымызға хызмет етпекте.
Перзенти Е.Караматдинов Қазақстан Республикасында жумыс ислейди, және бир перзенти Н.Караматдинов ЖОО да мәмлекетлик грант тийкарында билим алмақта.
Бул хожалық орта шаңарақ болып, Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы қарары тийкарында үйиниң төбеси шиферланбағанлығы бойынша дизимге киргизилген.
Мағлыўмат ретинде, Нөкис қаласында 4500 аслам шаңарақлар алдағы реже бойынша шиферланыўы керек болған дизимге киргизилген болып, соннан 2400 хожалыққа әмелий жәрдем көрсетилмекте.
Б.Утамбетованың хожалығына да басқышпа-басқыш көмек берилетуғынлығын мәлимлемекшимиз. Сондай-ақ, Б.Утамбетоваға аймаққа бекитилген ҳәким жәрдемшиси усынысы менен гөззалық салонларда бәнтлигин тәмийинлеўинде субсидия тийкарында әсбап-үскенелер алып берилген ҳәмде мәмлекетимиз тәрепинен 2024-жылда бир мәртелик 1.200.000 муғдарында материаллық жәрдем берилген.
Соныда билдирип өтпекшимиз, Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы қарары тийкарында Нөкис қаласындағы мәкан пуқаралар жыйынларында дизимде турған айырым пуқараларды сабырлылыққа шақырып қаламыз. Жоқарыдағы қарар негизинде мүтәж шаңарақларға, аўыр жағдайдағы хожалықларға ғамхорлық көрсетилмекте.
Мәмлекетимизде ҳеш бир инсан итибардан шетте қалмайды.
https://t.me/nukuspress